Кегейли районы аймағында жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеў бойынша алып барып атырған жумыслардың нәтийжелери ҳәм аймақта жүз берген аўыр ҳәм оғада аўыр түрдеги жынайый аўҳаллар ҳаққында.

23.11.2022 17:47:50 174 Баспаға шығарыў

Кегейли районы аймағында жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеў бойынша алып барып атырған жумыслардың нәтийжелери ҳәм  аймақта жүз берген аўыр ҳәм оғада аўыр түрдеги жынайый аўҳаллар  ҳаққында.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018 жыл 24 декабрьдеги “Жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеў нәтийжелилигин асырыў бойынша қосымша ис-иләжлар ҳаққында”ғы ПҚ-4075-санлы қарарының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде ҳәмде «Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының 21-статьясына муўапық халық депутатлары Кегейли районлық  районлық Кеңеси

 

ШЕШИМ ЕТЕДИ:

 

  1. Кегейли районы аймағында жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеў бойынша алып барып атырған жумыслардың нәтийжелери ҳәм аймақта жүз берген аўыр ҳәм оғада аўыр түрдеги жынайый аўҳаллары ҳаққындағы мәселе бойынша Кегейли районлық ишки ислер бөлими баслығының орынбасары-жәмийет қәўипсизлиги хызмети баслығы А.Ситановтың мәлимлемеси мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
  2. Кегейли районы ҳәкимлиги (Д.Утемуратов), районлық ишки ислер бөлими (Н.Адилбеков) жәмийетлик шөлкемлер ҳәм профилактика инспекторлары менен биргеликте:

– пуқаралардың ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў, жәмийетлик тәртипти сақлаў, пуқаралар қәўипсизлигин тәмийинлеў бойынша зәрүр илажларды белгилесин;

– жынаятшылыққа қарсы гүресиў, олардың себеплери ҳәм оған имканият жаратып берип атырған шәрт-шараятларды анықлаў ҳәм де сапластырыў;

– жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў, жәмийетте ҳуқықый сана ҳәм ҳуқықый мәдениятты жетилистириўге қаратылған үгит-нәсият илажларын шөлкемлестириў;

– физикалық ҳәм юридикалық шахслардан келип түсип атырған мүрәжатлардағы мәселелерди шешиўге қаратылған жумысларда ишки ислер хызметкерлериниң жеке жуўапкершилигин асырыў;

– жынаятлар дәрежеси өсимине жол қойылып атырған аймақларда тийисли пуқаралар жыйынлары баслықлары ҳәм профилактика инспекторларының жынаятшылықтын алдын алыў бойынша алып барып атырған жумысларын орынларда сын көз қараста талқылап барыў  тапсырылсын.

  1. Кегейли районлық ишки ислер бөлими (Н.Адилбеков) районлық мәҳәлле ҳәм нуранийларды қоллап куўатлаў бөлими (А.Сейтимбетов), районлық шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлими (Г.Хожамбергенова), Жаслар ислери агентлиги районлық бөлими (А.Төремуратов) ҳәмде пуқаралар жыйынлары менен биргеликте:

– жәмийетлик тәртипти сақлаў, пуқаралар қәўипсизлигин тәмийинлеў, ҳаял-қызлар ҳәмде жаслар арасында  жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықтың алдын алыў бойынша турақлы түрде профилактикалық илажларды өткерип  барыў;

– жаслардың сиясий белсендилигин ҳәм ҳуқықый мәдениятын асырыўға қаратылған зәрүр илажларды белгилесин ҳәм әмелге асырылыўын тәмийинлесин.

  1. Кегейли районы “Нурлы бостан” (А.Қазақбаева), “Бахытлы” (Б.Бекмуратов), “Гүжим терек” (Б.Джумамуратов), “Абат мәкан” (Д.Мадрейимов) мәҳәлле пуқаралар жыйынлары ҳәм “Жүзим бағ” (Б.Бекбаўлиев), “Ақтуба” (А.Баймуратов), “Қумшунгул” (Ж.Абдиев) аўыл пуқаралар жыйынлары аймақларында   жынаятлар санының өсип кеткенлиги, нәтийжеде “қызыл” аймаққа киритилгенлиги өткир сынға алынсын, жынаятшылықтың ҳәм ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў, орын алып атырған кемшиликлерди сапластырыў бойынша айқын ис-илажлар белгилесин ҳәм оның орынланыўы бойынша 2022-жыл жуўмағы менен Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесине мағлыўмат бериў тапсырылсын.
  2. Район аймағында жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеў бойынша исленип атырған жумыслардың нәтийжелери ҳәмде жүз берген аўыр ҳәм оғада аўыр жынайый аўҳаллар ҳәр айда Халық депутатлары районлық Кеңесиниң сессияларында ҳәмде тийисли турақлы комиссия мәжилислеринде талқыланып барылсын.
  3. Усы шешимниң орынланыў барысын қадағалаў Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң Нызамлылықты тәмийинлеў ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў мәслелери бойынша комиссиясына жүкленсин.
23.11.2022 17:47:50 175