Кегейли районы аймағында “Жасыл мәкан” улыўмамиллий жойбарын әмелге асырыў бойынша алып барылып атырған жумыслардың барысы ҳаққында.

23.11.2022 17:45:03 229 Баспаға шығарыў

Кегейли районы аймағында “Жасыл мәкан” улыўмамиллий жойбарын әмелге асырыў бойынша алып барылып атырған жумыслардың барысы ҳаққында.

 

Кегейли районы аймағында “Жасыл мәкан” улыўмамиллий жойбарын әмелге асырыў бойынша алып барылып атырған жумыслар  туўралы есабаты ҳаққындағы мәселени қарап ҳәм “Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ҳаққында”ғы Қарақалпақстан Республикасы нызамының 21-статьясына муўапық Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси

Ш Е Ш И М     Е Т  Е Д И:

  1. Кегейли районы ҳәкиминиң экология ҳәм Арал бойы аймақларын раўажландырыў мәселелери бойынша биринши орынбасары И.Абылбаевтың район аймағында “Жасыл мәкан” улыўмамиллий жойбарын әмелге асырыў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслары туўралы есабаты мағлыўмат ушын қабыл етилген.
  2. “Жасыл мәкан” улыўмамиллий жойбарын әмелге асырыў бойынша “Әҳмийетли 40 күнлик” гүзги нәл егиў мәўсиминде белгиленген ўазыйпалардың өз мүддетлеринде ҳәм сапалы орынланыўын тәмийинлеў бойынша тийисли тараў басшыларының тиккелей жуўапкер екенлиги белгилеп қойылсын.
  3. Район ҳәкимлиги (М.Ниязов, И.Абылбаев, А.Отемуратов),
    пуқаралар жыйынлары ҳәм барлық тараў басшылары менен биргеликте:

“Әҳмийетли 40 күнлик” гүзги нәл егиў мәўсиминде аллеяларда, жоллар ҳәм көше бойларында, салмалар ҳәм басқада ирригация объектлери бойларында, мәҳәллелер аймақларында, көп қабатлы үйлер аралығында, мәкеме, кәрханалар аймақларында, сондай-ақ халықтың жеке үй қапталы қыйтақларында мийўели ҳәм саяманлы терек нәллерин егиў  жумысларын шөлкемлестириў;

– аймақларда “жасыл бағлар” ҳәм “жасыл жәмийетлик парклер”ди шөлкемлестириў;

-аймақларды көклемзарластырыў мақсетинде егилетуғын мийўели ҳәм саяманлы терек нәллериниң ықлым шараятына мас болған түрлерин таңлаў ҳәм орынларға жеткерип бериў;

– егилген мийўели ҳәм саяманлы терек нәллерине агротехникалық илажларды өз мүддетинде ҳәм сыпатлы  өткериў бойынша зәрүр илажларды белгилесин.

  1. Кегейли районы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў бөлими (К.Сейтниязов):

– орынларда мийўели ҳәм саяманлы терек нәллерин егиў ҳәм оларға тәрбия бериў бойынша әмелге асырылып атырған жумысларының үстинен   қадағалаўды әмелге асырсын;

– егилген нәллердиң есабын жүргизиў жолы менен хатлаўдан өткерип, олардың электрон мағлыўматлар базасын жүргизип барсын.

  1. Кегейли районы ҳәкимлиги (М.Ниязов, И.Абылбаев, П.Өтениязов), Жаслар ислери агентлиги Кегейли районлық бөлими (А.Төремуратов);

– ҳәр жылы гүз ҳәм бәҳәр мәўсимлеринде нәл егиў ҳәм сақлаў жумысларын шөлкемлестириў бойынша “жасыл ҳәптелик” илажларын өткерип барыў;

– жергиликли бюджеттиң қосымша дереклери ҳәм нызамшылықта қадаған етилмеген басқада дереклер есабынан халыққа бийпул нәллерди тарқатыў ушын мәҳәлле пуқаралар жыйынларына нәллер жеткерип бериў жумысларын алып барсын.

  1. Мәҳәлле ҳәм нуранийларды қоллап-қуўатлаў бөлими (А.Сейтимбетов), Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызалр бөлими (Г.Хожамбергенова), Халық бәнтлигине көмеклесиў орайы (А.Жумабаев);

– орынларда қараўсыз қалған саяманлы тереклерди сақлап қалыў ҳәм  тәрбия бериў ҳәмде “жасыл бағлар”, “жасыл жәмийетлик парклер”ди көклемзарластырыў, атап айтқанда бул аймақларда саяманлы тереклер ҳәм мийўе нәллерин егиў, сақлаў ҳәм тәрбия бериў жумысларына жумыссыз пуқараларды, биринши гезекте, “Темир дәптери”, “Ҳаяллар дәптери” ҳәм  “Жаслар дәптери”не дизимге алынған пуқараларды тартыў;

– Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги жанындағы Жәмийетлик жумыслары жамғармасы қаржылары есабынан район ҳәкимлиги буйыртпасына муўапық гүз ҳәм бәҳәр мәўсимлериндеги нәл егиў илажларын қаржыландырыў бойынша зәрүр илажлар белгилесин.

  1. Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси депутатларына район аймағында “Жасыл мәкан” улыўмамиллий жойбарының әмелге асырылыўы үстинен тәсиршең депутатлық қадағалаўын турақлы түрде әмелге асырып барсын, бунда:

– 2022 жылдың 20 октябринен 1 декабрьге шекем “Әҳмийетли                         40 күнлик” гүзги нәл егиў мәўсиминде район көлеминде 228800 дана нәллердиң толық ҳәм сыпатлы егилиўине;

–  жойбардың усы жыл бәҳәр мәўсиминде әмелге асырылыўында жол қойылған кемшиликлерди сапластырылыўына;

– усы жылдың гүз мәўсиминде аймақтағы кем тәмийинленген шаңарақларға 10 түптен мийўе нәллерин бийпул тарқатылыўына;

– тереклердиң кесилиўи бойынша мораторий талапларына қатаң ҳәм сөзсиз әмел қылыныўына;

– суўғарыў системасы ҳәм оннан пайдаланыў имканияты болмаған майданларға ҳәмде басқада мақул болмаған аймақларға нәллер егилиўиниң алдын алыўға;

– саяманлы тереклер ҳәм нәллер жетистириў бойынша нәлханалар шөлкемлестирлиўи ҳәм терекзарларды тәрбиялаў ҳәм зыянкеслерге қарсы гүресиў бойынша жумысларының мәнзилли әмелге асырылыўына айрықша итибар қаратылсын.

  1. Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси депутатларының “Жасыл мәкан” улыўмамиллий жойбарының әмелге асырылыўы үстинен депутатлык қадағалаўын алып барыў байынша аймақларға бириктирилиўи 1-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
  2. Район ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети (Н.Даўенова), “Кегейли турмысы” газетасы (Е. Мухамбетов) район аймағында “Жасыл мәкан” улыўмамиллий жойбары шеңберинде “Әҳмийетли 40 күнлик” гүзги нәл егиў мәўсиминде әмелге асырылып атырған жумыслардың барысы ҳаққында ғалаба хабар қураллары ҳәм социаллық тармақларда кеңнен жарытып барылыўын тәмийинлесин.
  3. Кегейли районы ҳәкимлиги (И.Абылбаев) район аймағында “Жасыл мәкан” улыўмамиллий жойбары шеңберинде “Әҳмийетли 40 күнлик” гүзги нәл егиў мәўсиминде әмелге асырылған жумыслардың барысы ҳаққында усы жылдың 10-декабрь сәнесине шекем Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесине жазба түрде мағлыўмат киритсин.
  4. Усы шешиминиң орынлаўын қадағалаў Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң аграр, суў хожалығы мәселелери ҳәм экология бойынша турақлы комиссиясына ҳәмде Кегейли районы ҳәкиминиң экология ҳәм Арал бойы аймақларын раўажландырыў мәселелери бойынша биринши орынбасары И.Абылбаевқа жүкленсин.
23.11.2022 17:45:03 230