ТУРАҚЛЫ КОМИССИЯ МӘЖИЛИСИ БОЛЫП ӨТТИ

23.11.2022 11:56:09 205 Баспаға шығарыў

Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң Мәлимлеме сиясаты ҳәм жергиликли мәмлекетлик органларында ашықлықты тәмийинлеў мәселелери бойынша турақлы комиссиясының гезектеги мәжилиси болып өтти. Мәжилиске турақлы комиссия ағзалары ҳәм тийисли тараў ўәкиллери қатнасты.

Мәжилис күн тәртибинде Өзбекстан Республикасы Президентиниң 408-санлы Қарары бойынша Қарақалпақстан Республикасында 2022-2023-жылларда мәҳәллелер инфрастуктурасын раўажландырыў бағдарламасы шеңберинде Кегейли районы мәҳәлле ҳәм аўыллардың инфраструктурасын еледе раўажландырыў илажлары ҳаққындағы мәселе бойынша белгиленген объектлерде әмелге асырылып атырған жумыслар барысы кеңнен талқыланды.

Мәжилис күн тәртибиндеги мәселе бойынша ҳәр тәреплеме пикирлесип Халық депутатлары Кегейли районлық Кеӊесиниӊ гезектеги сессиясына усыныў ҳаққында шешим қабыл етилди. Сондай-ақ, бул бойынша ғалаба хабар қуралларында кеңнен жарытып барыў ҳәм депутатлар тәрепинен халық пенен ушырасыўлар өткерип үгит-нәсият илажларын алып барыў тапсырылды.

Кегейли районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети.

23.11.2022 11:56:09 206