ДЕПУТАТЛАР ПРЕЗИДЕНТ ҚАРАРЛАРЫН ҮГИТ-НӘСИЯТЛАЎДА

22.11.2022 17:42:54 161 Баспаға шығарыў

Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси депутаты М.Шолтаева «Қуяшлы» мәҳәлле пуқаралар жыйыны имаратында Президенттиӊ 2022-жыл 25-октябрьдеги ПⱩ-408-санлы қарары менен Республикамыз аймағындағы аўыл ҳәм мәҳәллелерде инфраструктура объектлери жағдайларын жақсылаў бойынша белгиленген ўазыйпалар, соның ишинде «Қуяшлы» мәҳәлле пуқаралар жыйыны аймағындағы инфраструктура объектлеринде әмелге асырылатуғын қурылыс-оңлаў жумыслары бойынша пуқаралар менен ушырасыў илажын өткерди ҳәм усы аймақтағы А.Оразбеваның шаңарағында болып, оның жасаў шараятлары менен танысты.

22.11.2022 17:42:54 162