ҚАРАРДЫҢ ОРЫНЛЫНЫЎЫ ҮЙРЕНИЛДИ

22.11.2022 17:07:13 126 Баспаға шығарыў

Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң Мәлимлеме сиясаты ҳәм жергиликли мәмлекетлик органларында ашықлықты тәмийинлеў мәселелери бойынша турақлы комиссиясы баслығы Е.Мухамбетов район аймағында Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл
25-октябрьдеги «2022-2023-жылларда мәҳәллелер инфраструктурасын жәнеде жақсылаӯ бойынша қосымша ис-иләжлар ҳақкында»ғы
ПⱩ-408-санлы қарарының орынланыў барысы менен танысты.

Қарар бойынша район аймағындағы 9 мәҳәлледе 12 жойбарды әмелге асырыў ушын 6922,0 миллион сўм республика бюджети есабынан қаржы ажыратылыўы нәзерде тутылған.

Үйрениў жуўмағы нәтийжелери тийисли тараў басшылары қатнасыўында Халық депутатлары районлық Кеңестиң Мәлимлеме сиясаты ҳәм жергиликли мәмлекетлик органларында ашықлықты тәмийинлеў мәселелери бойынша турақлы комиссиясы мәжилисинде қарап шығылатуғынлығы белгиленди.

22.11.2022 17:07:13 127