ЖЫНАЯТ ИЗИНЕН ЖЫНАЯТ

10.11.2022 15:47:26 174 Баспаға шығарыў

Бүгинги күнде мәмлекетимизде жасларға деген итибар жүдә жоқары дәрежеде. Атап айтқанда, жоқары оқыў орынларына кириўдеги имканиятлар, қалаберсе, айрым жоқары оқыўларда оқып билим алып атырған жасларымыздың төлемли шәртнама пулларының мәмлекет есабынан төлеп берилиўи, содай-ақ, исбилерменликке қызығыўшы жасларға бир қанша жеңилликлердиң жаратылыўы, булардың барлығы келешегимиз болған жаслардың жетик маман қәнийгелер болып жетисиўи, илимли-билимли инсанлар болып келешекте өмир сынақларынан сүринбей алға илгерлеўлери ушын имканиятлар есиги есапланады.

Мәмлекетимизде жаратылып атырған имканиятлардан пайдаланып үлкен жетискенликлерге ерисип атырған жасларымыздың барлығы қуўанарлы.

Бирақ, деген менен арамызда билип-билмей жынаят жолына кирип қалған жасларда ушырасады.

Атап айтқанда, Жынаят ислери бойынша Елликқала районы суды тәрепинен 2022-жыл 3-октябрь күни көрип шығылған жынаят иси ўақыясы буның айқын дәлийли болады. 2004-жыл 10-декабрь күни туўылған ер жетпеген А.Т. 2022-жыл 17-июнь күнинен 18-июнь күнине өтер кешеси қадағалаўшы ата-анасының жоқлығы, сондай-ақ, оқыў ямаса жумыс пенен бәнт болмағанлықтан Елликқала районында жайласқан Е.Т. ға тийисли болған азық аўқат дүканына жасырын түрде кирип жәми 2 миллион 246 мың сўмлық азық-аўқат өнимлерин урлық жолы менен алып шығып ўақыя жайынан жасырынған.

Бул жынаят излери ҳуқық қорғаў уйымлары тәрепинен анықланып оның қарсысына жынаят кодексиниң тийисли статьясы менен жынаятлы иси қозғатылып тергеў ҳәрекетлери алып барылып атырған бир ўақытта ер жетпеген А.Т. қайта жынаят ислеў жолына өтип өзиниң танысы ер жетпеген Б.А. менен жынайый тил бириктирип Елликқала районы «Ақшакөл» АПЖ аймағында жасаўшы пуқара М.А. нын мал қорасы әтирапына байлап қойған баҳасы 8 миллион сўмлық бир бас қара малын ҳеш кимге билдирместен түнги ўақытта урлап алып келип, ертеси күни қарыйдар таўып сатыўды режелестирип қойған жеринде ҳуқық қорғаў уйымы хызметкерлери тәрепинен қолға алынған.

Ис пенен танысар екенсиз бул жаслардың биринши мәртебе бул урлық ямаса басқада унамсыз ҳәрекетлерди ислеп атырғанлығына исенгиң келмейди.

Себеби, еле он сегиз жасқа толмаған жас өспирим А.Т. нын тергеў ҳәрекетлерине барып ислеген ис ҳәрекетлериниң жәмийетлик қәўипли ҳәрекет яғный жынаят екенлигин аңлаған ҳалда бундай ис ҳәрекетлерге қайта қол урыўы ҳәр қандай адамды ойландырыўы сөзсиз.

Әлбетте, суд тәрепинен бул жасларға нызамлы жазалары берилди, деген менен жәмийетимизде жасларды жазалаў менен емес, оларды пайдалы мийнет пенен шуғылланыўы ушын шараят жаратыў, сондай-ақ, оларды өзлери қызыққан тараўлары бойынша оқыўға ямаса жумысқа тартыў арқалы тәрбияласақ жынаятшылықтың ерте алдын алыўға хызмет қылыўы сөзсиз.

 

О.МАЎЛЕНОВ,

Жынаят ислери бойынша Елликқала район суды баслығы.

 

 

 

 

10.11.2022 15:47:26 175