Кегейли ҳәм Бозатаў районлары фермерлери ушын шүдигарлаў жумысларына арналған семинар ɵткерилди

12.11.2022 16:31:08 203 Баспаға шығарыў

Бүгин Қумшүнгил аўыл пуқаралар жыйыны аймағында жайласқан «Рафат-Рахат» фермер хожалығында Кегейли ҳәм Бозатаў районлары ушын 2023-жылдың ҳасылы ушын аўыл хожалығы егинлерин егиў ушын гүги шүдигарлаў жумысларына арналған көргизбели семинар шөлкемлестирилди. Семинарға Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси бБаслығының орынбасары Д.Кайпов, Қарақалпақстан Республикасы Аўыл хожалығы министри З.Зиядуллаев, район ҳәкими Д.Утемуратов, сектор басшылары, район аўыл хожалығы бөлими қәнигелери ҳәм дийхан-фермерлер қатнасты.
Семинар даўамында гүзги шүдигарлаў жумысларын нәтийжели алып барыў, бийдай тәрбиясы, шор жуўыў ҳәм суўғарыў, егислик майданларын бәҳәрги егиске таярлаў, минерал төгинлерди бериў нормалары ҳәм мүддетлери, соның менен бирге егислик майданлары әтирапларына тут ҳәм жүзим нәллерин егиў бойынша пикирлер алмасылды. Буннан соң, семинар қатнасыўшылары тәрепинен егислик майданы қапталына жүзим ҳәм тут терегиниң нәллери егилди.
Быйылғы жылда Кегейли районында 8624 гектар майданда шүдигарларў жумысларын алып барыў режелестирилген болып, буның арнаўлы техникалар мәўсимге таяр ҳалатқа келтирилген.

Кегейли районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмет

12.11.2022 16:31:08 204