ТУРАҚЛЫ КОМИССИЯ МӘЖИЛИСИ БОЛЫП ӨТТИ

08.11.2022 15:42:49 142 Баспаға шығарыў

Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң Санаат, транспорт, қурылыс, коммуналлық хожалығы ҳәм халыққа хызмет көрсетиў мәселелери бойынша турақлы комиссиясының гезектеги мәжилиси болып өтти. Мәжилиске турақлы комиссия ағзалары ҳәм тийисли тараў басшылары қатнасты.
Мәжилис күн тәртибинде Қарақалпақстан Республикасында 2022-2023-жылларда мәҳәллелер инфрастуктурасын раўажландырыў бағдарламасы шеңберинде Кегейли районында мәҳәлле ҳәм аўыллардың инфраструктурасын еледе раўажландырыў илажлары ҳаққындағы мәселе кеңнен талқыланды.
Мәжилис күн тәртибиндеги мәселе ҳәр тәреплеме талқыланып Халық депутатлары Кегейли районлық Кеӊесиниӊ гезектеги сессиясына усыныў ҳаққында шешим қабыл етилди.

08.11.2022 15:42:49 143