УШЫРАСЫУ БОЛЫП ОТТИ

04.11.2022 15:19:38 161 Баспаға шығарыў

Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесине 9-“Нөкис” сайлаў округинен депутат Ж.Төрениязовтың округ сайлаўшылары менен ушырасыўы болып өтти.
Ушырасыўда депутат сайлаўшылары алдында усы жылдың 9 айы даўамында депутатлық искерлиги шеңберинде ислеген жумыслары туўралы есабат берди.
Соңың менен бирге ушырасыў қатнасыўшыларына Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 31-августтағы ПП-213-санлы Пәрманының мазмуны ҳәм әҳмийети ҳаққында түсиник берип, аймақ турғынларын «Жасыл мәкан» улыўма миллий ҳәрекетине белсенди қатнасыўға шақырды.
Ушырасыў соңында депутат жеке қабыллаў өткерип, усы аймақ пуқараларының мүрәжатларын тыңлады.

04.11.2022 15:19:38 162