ТУРАҚЛЫ КОМИССИЯ МӘЖИЛИСИ БОЛЫП ӨТТИ.

03.11.2022 17:02:21 93 Баспаға шығарыў

Белгиленген ис-реже тийкарында Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң Билимлендириў, ден саўлықты сақлаў, мәденият, спорт,  социаллық қорғаў, жаслар сиясаты, ҳаял-қызлар ҳәм гендер теңлик мәселелери бойынша турақлы комиссиясының мәжилиси болып өтти.

Мәжилис күн тәртибинде:

– Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.М.Мирзиёевтың  2022-жыл 23-24-февраль күнлери Қарақалпақстан Республикасына сапары даўамында берилген тапсырмалардың орынланыўын тәмийинлеў бойынша 2022 жыл 25-февраль күни өткерилген 16-санлы мәжилис баянламасында белгиленген ўазыйпалардың орынланыў барысы ҳаққында;

– «Сақаўат ҳәм көмек» жамғармасы қаржылары есабынан жәрдемге мүтәж шаңарақларды социаллық жақтан қоллап-қуўатлаў мақсетинде қаржы ажыратыў ҳаққындағы мәселелер қарап шығылды.

Мәжилис күн тәртибиндеги мәселелер ҳәр тәреплеме талқыланып Халық депутатлары Кегейли районлық Кеӊесиниӊ гезектеги сессиясына усыныў ҳаққында шешим қабыл етилди. 

03.11.2022 17:02:21 94