Мектеп ыссыханасында өним жетистирилмекте

27.10.2022 10:26:11 297 Баспаға шығарыў

Мәмлекетимизде халықтың бәнтлигин тәмийинлеў, оларды дәрамат дереги менен тәмийинлеўге айрықша итибар қаратылған болып, бул бағдарда үй қапталы қыйтақ жерлеринен ыссыханаларды шөлкемлестириў илажлары нәтийжели шөлкемлестирилмекте.

Бүгинги күнде районымызда бул бағдардағы жумысларға да айрықша итибар қаратылған болып, ыссыхана қурыў ҳәм оннан өним жетистириў мәденияты жеке хожалықлар менен бирге, дерлик бәрше мәкеме ҳәм билимлендириў мектеплеринде жолға қойылған.

Бүгин Кегейли районы ҳәкими Д.Утемуратов райондағы 14-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде болып, мектептиң қыйтақ жеринде шөлкемлестирилген ыссыхана жумыслары менен жақыннан танысты. Ыссыханада бүгинги күнде палыз егинлеринен қыяр өними жетистирилген болып, жылына 3 мәрте өним алыў имканияты жаратылған.

Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети
@kegeylirkuzofficial

27.10.2022 10:26:11 298