ДЕПУТАТЛАР ҚУРЫЛЫС ЖУМЫСЛАРЫ МЕНЕН ТАНЫСТЫ

26.10.2022 16:42:54 216 Баспаға шығарыў

Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси депутатлары Н.Аметова ҳәм М.Шолтаевалар район аймағында жаңадан қурылып атырған Мәмлекетлик хызметлер орайы ҳәм Жаслар орайы имәратларында болып исленип атырған қурылыс жумыслары бойынша жәмийетлик қадағалаў алып барды.
Үйрениў барысында депутатлар қурылысшылар менен сәўбетлесиў өткерип, қурылыс жумысларын сапалы алып барыў ҳәм жумыс барысында ушырасып атырған машқалалар ҳаққында пикир алысты.
Сондай-ақ, депутатлар аймақларда алып барылып атырған абаданластырыў жумысларының барысы менен танысты.

26.10.2022 16:42:54 217