“Жаңа ϴзбекстан” турақ жайлар массибинде қурылыс жумыслары бойынша медиа-тур шɵлкемлестирилди

25.10.2022 16:17:47 386 Баспаға шығарыў

 

Кегейли районы ҳәкимлиги тәрепинен “Жаңа ϴзбекстан турақ жайлар массивинде” әмелге асырылып атырған жумыслар менен жақыннан танысыў мақсетинде медиа-тур шɵлкемлестирилди. Медиа-турға район ҳәкиминиң қурылыс мәселелери бойынша жуўапкер орынбасары А.Отемуратов қатнасты.

Онда атап ɵтилгениндей, Президентимиздиӊ 2021-жыл 9-декабрдеги «Жаӊа Өзбекстан»  массивлерин қурыў ҳәм аймақлардыӊ социаллық-экономикалық раўажланыуын тәмийинлеў ҳаққында»ғы ПП-32-санлы Пәрманы тийкарында районымызда быйылғы жылда 7 дана смета баҳасы 48592 млн сумлыккоп кабатлы турак жайлар “Қарақалпақ технология монтаж сервис”, “Бостан суў қурылыс”, “Нөкис Еркин қурылыс”, “Нөкис конструкция қурылыс”, “Шорахан қурылыс монтаж”, “Инвест строй Нукус” ҳәм “Нөкис индаст строй”  жәмийети тәрепинен бүгинги күнде 19436,8 млн сумлык ягный 40% қурылыс жумыслары алып барылды. Бул қурылыс жумыслары ушын қурылыс кәрханаларына усы күнге шекем 5137,0 млн сум кредит қаржылары ажыратылды.

Турак-жай массивин инженерлик-коммуникациялар менен тәмийинлеў мақсетинде бугинги кунде массивке қуўатлылығы              400 квА болган бир дана трансформатор жаӊадан орнатылды,                  16 дана темир бетон электр бағаналары орнатылып, 10 кВ болған       620 метр электр тармағы ҳәм 0,4 кВ болған 60 метр Сип кабеллерди тартыў жумыслары әмелге асырылды.

Сондай-ақ, массивте халықты социаллық тәрептен қорғаў, мектепке шекемги билимлендириу ҳәм орта билим бериў, халыққа медициналық хызмет көрсетиўди жолға қойыў мақсетинде, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниӊ 2022-жыл 16-июльдағы     393-Ф-санлы бийлиги тийкарында смета баҳасы 12,6 млрд.сум болған жаӊадан 320 орынлы мектеп имаратын жаӊадан қурыў жумыслары әмелге асырылмақта. Улыўма баҳасы 7,1 млрд.сум болған жаӊадан 180 орынлы мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми, улыўма баҳасы 1,648 млрд.сум болған жаӊадан 50 орынлы поликлиника имаратын имаратын жаӊадан қурыў жумыслары жедел пәтлерде даўам етпекте.

Кегейли районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети

25.10.2022 16:17:47 387