УШЫРАСЫЎ БОЛЫП ӨТТИ

25.10.2022 09:39:03 228 Баспаға шығарыў

Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесине 6-“Қарасыйрақ” сайлаў округинен депутат М.Аймуратов округ сайлаўшылары менен ушырасыў өткерди.

Ушырасыўда депутат сайлаўшылары алдында усы жылдың 9 айы даўамында депутатлық искерлиги шеңберинде ислеген жумыслары туўралы есабат берди.

Соңың менен бирге ушырасыў қатнасыўшыларына Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 31-августтағы ПП-213-санлы Пәрманының мазмуны ҳәм әҳмийети ҳаққында түсиник берип, аймақ турғынларын 20-октябрь сәнесинен басланатуғын “Әҳмийетли 40 күн” жойбары тийкарында «Жасыл мәкан» улыўма миллий ҳәрекетине белсенди қатнасыўға шақырды.

Ушырасыў соңында депутат жеке қабыллаў өткерип, усы аймақ пуқараларының мүрәжатларын тыңлады.

25.10.2022 09:39:03 229