УШЫРАСЫЎ БОЛЫП ӨТТИ

21.10.2022 17:06:05 151 Баспаға шығарыў

Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесине 5-“Кунхожа” сайлаў округинен депутат Б.Искендеров райондағы 5-санлы улыўма билим бериў мектебинде округ сайлаўшылары менен ушырасыў өткерди.

Ушырасыўда депутат сайлаўшылары алдында усы жылдың 9 айы даўамында депутатлық искерлиги шеңберинде ислеген жумыслары туўралы есабат берди.

Соңың менен бирге ушырасыў қатнасыўшыларына Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 31-августтағы ПП-213-санлы Пәрманының мазмуны ҳәм әҳмийети ҳаққында түсиник берип, аймақ турғынларын 20-октябрь сәнесинен басланатуғын “Әҳмийетли 40 күн” жойбары тийкарында «Жасыл мәкан» улыўма миллий ҳәрекетине белсенди қатнасыўға шақырды.

Ушырасыў соңында депутат жеке қабыллаў өткерип, усы аймақ пуқараларының мүрәжатларын тыңлады.

21.10.2022 17:06:05 152