Кегейли районы Халық бәнтлигине көмеклесиў орайы тәрепинен жаңа жумыс орынларын жаратыў ҳәм халықтың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша әмелге асырылып атырған жумысларының барысы ҳаққында

21.10.2022 10:15:49 116 Баспаға шығарыў

Кегейли районы Халық бәнтлигине көмеклесиў орайы тәрепинен жаңа жумыс орынларын жаратыў ҳәм халықтың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслардың барысы ҳаққындағы мәселени қарап шығып ҳәмде  «Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының 21-статьясына муўапық Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси

Ш Е Ш И М  Е Т Е Д И:

  1. Кегейли районы Халық бәнтлигине көмеклесиў орайы тәрепинен жаңа жумыс орынларын жаратыў ҳәм халықтың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслардың барысы ҳаққындағы Кегейли районы Халық бәнтлигине көмеклесиў орайы директоры А.Жумабаевтың мәлимлемеси мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
  2. Кегейли районы ҳәкимлигине (М.Ниязов, П.Өтениязов), халық бәнтлигине көмеклесиў орайы (А.Жумабаев):

– аймақларда жумысын тоқтатқан исбилерменлик субъектлериниң машқалаларын тетең үйренип олардың жумысларын тиклеў илажларын көриў ҳәм жаңадан исбилерменлик жумысларын баслаўшы субъектлерди ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў;

–  2022-жылдың жуўмағына шекем аймақларда кәмбағал ҳәм жумыссыз болған пуқараларды мийнет базарына сай заманагөй кәсип өнерлерге ҳәм исбилерменлик көнликпелерине оқытыў ҳәм олардың бәнтлигин тәмийинлеў;

– мийнетке жарамлы жумыссыз халықтың арасында “Е-аукцион.уз” электрон саўда платформасына қойылған жер майданлары бойынша үгит-нәсият жумысларын алып барыўда ҳәким жәрдемшилери белсендилигин арттырыў;

– бос жумыс орынлары ярмаркаларын өткериўди шөлкемлестириў, бунда оның сыпаты ҳәм нәтийжелилигине айрықша итибар қаратыў илажларын көриў;

– 2022-жылдың жуўмағы менен жаңа жумыс орынларын жаратыў, халық дараматларын асырыў, сол арқалы кәмбағаллық ҳәм жумыссызлықты кемейтиў мақсетинде халықтың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша белгиленген реже көрсеткишлерди сапалы ҳәм толық орынлаў;

-аймақларда жөнелислер бойынша ҳәмме тараўлар кесиминде жаратылған жумыс орынларын салық уйымларына өз ўақтында есабатларының тапсырылып салық базасында көрсетилиўине айрықша итибар қаратыў;

– миграция нәтийжесинде шет елден қайтып келген пуқараларды системалы түрде бәнтлигин тәмийинлеў илажларын көриў;

– әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында ҳәр айда Халық депутатлары районлық Кеңесине есабат берип барыў тапсырылсын.

  1. Усы шешимниң орынланыўын қадағалаў халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң Жергиликли бюджет, экономикалық реформаларды әмелге асырыў, инвестициялар ҳәм исбилерменликти раўажландырыў мәселелери бойынша турақлы комиссиясына (С.Қалханов) ҳәм район ҳәкиминиң финанс-экономика ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў мәселелери бойынша биринши орынбасары М. Ниязовқа жүкленсин.
21.10.2022 10:15:49 117