Кегейли районы медицина бирлеспеси баслығының медицина тараўындағы әмелге асырылып атырған реформалар нәтийжелилиги ҳәм 2022-жыл ақырына шекем әмелге асырылатуғын жумыслары туўралы есабаты ҳаққында.

21.10.2022 10:15:07 188 Баспаға шығарыў

Кегейли районы медицина бирлеспеси баслығының медицина тараўындағы әмелге асырылып атырған реформалар нәтийжелилиги ҳәм 2022-жыл ақырына шекем әмелге асырылатуғын жумыслары туўралы есабаты ҳаққындағы мәселени қарап шығып ҳәмде «Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының 21-статьясына муўапық Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси

 

Ш Е Ш И М  Е Т Е Д И:

 

  1. Кегейли районы медицина бирлеспеси баслығы М. Досбергеновтың
    Кегейли районы медицина тараўындағы әмелге асырылып атырған реформалар нәтийжелилиги ҳәм 2022-жыл ақырына шекем әмелге асырылатуғын жумыслары туўралы есабаты мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
  2. Районлық медицина бирлеспеси (М.Досбергенов):

-Өзбекстан Республикасы ден саўлықты сақлаў министрлиги ҳәм Қарақалрақстан Республикасы Министрлер Кеңеси тәрепинен тастыйықланған Қарақалпақстан Республикасында медицина системасында 2022-жыл жуўмағына шекем әмелге асырылатуғын ўазыйпалар бойынша тастыйықланған
“жол карта”сында белгиленген ўазыйпалардың сыпатлы ҳәм өз мүддетлеринде орынланыўын тәмийинлеў;

– бирлемши медицина системасында халыққа көрсетилетуғын медицина хызметлерин түптен жақсылаў, мүтәж пуқаралардың поликлиникалардағы күндизги емлеўханалар хызмети арқалы шаңарақларынан ажыралмаған ҳалда сыпатлы емлениў имканиятларын жаратыў;

– көшпели медициналық көриклер өткериўди системалы жолға қойыў, әсиресе бул арқалы кем тәмийинленген шаңарақлар ағзалары ҳәм жәрдемге мүтәж узақ жерлерде жасап атырған шараяты төмен пуқараларға айрықша итибар қаратыў;

 

-аналар ҳәм балалар кеселлениўлериниң алдын алыў, олардың саламатлығын қорғаў, потранаж хызметлери сыпатларын асырыў;

-тез медициналық жәрдем хызметлерин сыпатлы алып барыў, олардың жумысларының нәтийжелилигин турақлы қадағалаўға алыў;

-медицина хызметкерлериниң халыққа хызмет көрсетиўде коррупциялық

жағдайларға жол қоймаў ҳәм алдын алыў, мүрәжат етип атырған пуқараларға медициналық хызмет көрсетиўди тез ҳәм сыпатлы алып барылыўын тәмийинлеў;

– халықтың медициналық мәдениятын асырыў мақсетинде орынларда турақлы түрде репродуктив саламатлық, кеселликлер профилактикасы, некеден алдыңғы медициналық көриктиң әҳмийети бойынша үгит-нәсиятлаў жумысларын жәнеде күшейттириў;

-медицина хызметлери ҳәм дәри-дәрмақлар ушын ажыратылатуғын қаржылардан мақсетли пайдаланыўды қадағалаў ўазыйпалары белгиленсин.

  1. Усы шешимниң орынланыў барысын қадағалаў Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң билимлендириў, ден саўлықты сақлаў, мәденият, спорт, социаллық қорғаў, жаслар сиясаты, ҳаял-қызлар ҳәм гендер теңлик мәселелери бойынша турақлы комиссиясы баслығы Б.Искендеровқа жүкленсин.

     

21.10.2022 10:15:07 189