Кегейли районы ҳәкимлиги, секторлар ҳәмде тийисли тараў басшылары тәрепинен ҳаял-қызлар машқалаларын шешиў бойынша әмелге асырылып атырған жумысларының барысы ҳаққында.

21.10.2022 10:09:49 226 Баспаға шығарыў

Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.М.Мирзиёев басшылығында
2022-жыл 1-март күни өткерилген “Ҳаял-қызларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, олардың жәмийеттеги орнын жәнеде беккемлеў бойынша әҳмийетли ўазыйпалар ҳаққында”ғы 18-санлы Баянламасында белгиленген ўазыйпалардың орынланыў барысы ҳәмде «Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының 21-статьясына муўапық Халық депутатлары Кегейли районлық  районлық Кеңеси

 

ШЕШИМ ЕТЕДИ:

 

  1. Кегейли районы ҳәкиминиң орынбасары, шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлими баслығы Г.Хожамбергенованың район аймағында Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.М.Мирзиёев басшылығында 2022-жыл 1-март күни өткерилген “Ҳаял-қызларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, олардың жәмийеттеги орнын жәнеде беккемлеў бойынша әҳмийетли ўазыйпалар ҳаққында”ғы 18-санлы Баянламасында белгиленген ўазыйпалардың орынланыў барысы ҳаққындағы мәлимлемеси мағлыўмат ушын кабыл етилсин.
  2. Кегейли районы ҳәкимлиги (Г.Хожамбергенова), районлық медицина бирлеспеси (М.Досбергенов), районлық финанс бөлими (Д.Ибрагимов) менен биргеликте:

-дизими қәлиплестирилген медициналық жәрдемге мүтәж ҳаял-қызлардың ҳәм оларға жоқары технологиялық бийпул медициналық жәрдем көрсетилип барылыўын тәмийинлеў;

-9-12 жастағы жас өспирим қызларды ҳаялларда аўыр ақыбетлерге алып келетуғын адам папиломасы вирусына қарсы емлеў илажларын көриў;

-туўыў жасындағы, ҳәмиледар ҳәм бала күтиминде отырғанҳаял­ларды дәри-дармақ ҳәм витаминлер менен бийпул тәмийинлеў илажларын көрсин.

  1. Кегейли районы ҳәкимлиги (М.Ниязов), тийисли тараў басшылары менен биргеликте:

-исбилермен ҳаял-қызларға ҳәмде исбилерменлик жумысын жаңадан баслап атырған ҳаял-қызларҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў;

-жаңадан бизнес жумысларын басламақшы болғанжумыссыз ҳаял-қызларға керекли үскенелер алыў ушын субсидиялар ҳәм имтиязлы кредитлер ажыратыў;

-өз үй қапталы қыйтақ жерлеринде исбилерменлик пенен шуғылланып атырған ҳая-қызларды өзин-өзи бәнт етиў тайпасына киритиў ҳәмде олар салық ҳәм басқада жеңилликлерден пайдаланыў бойынша айқын илажлар белгилесин.

  1. Кегейли районы ҳәкиминиң орынбасары – шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлими баслығы (Г. Хожамбергенова) пуқаралар жыйынлары баслықлары ҳаким жәрдемшилери, ҳаял-қызлар белсендилери ҳәм профилактика инспекторлары менен биргеликте ҳаял-қызларға қарсы жәбир ҳәм зорлық көрсетиўдиң алдын алыў, жәбирленген ҳаял-қызларға мотивация бериў, шаңарақ ағзаларының бәнтлигин тәмийинлеў, турмыс қыйыншылықларын жеңиў,зәрүр жағдайларда психологлардың хызметинен пайдаланыў бойынша зәрүр илажларды белгилесин,
  2. Кегейли районы ҳәкиминиң орынбасары – шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлими баслығы (Г. Хожамбергенова) сектор басшылары ҳәмде мәпдар мәкеме, кәрхана, шөлкемлер менен биргеликте:

– “Ҳаяллар дәптери”н жүритиў арқалы енгизилген жаңа тәртип тийкарында ҳаял-қызлар машқалаларын системалы рәўиште ҳал қылыў ҳәм оларды социаллық қоллап-қуўатлаў бойынша зәрүр илажларды белгилесин;

– жәмийетте ҳаял-қызлардың ролин асырыў ҳәмде бәнтлигин тәмийинлеў бойынша белгиленген илажлардың мазмун-мәнисин ҳәм әҳмийетин кең жәмийетшиликке, әсиресе ҳаял-қызларға түсиндириў, сондай-ақ “Ҳаяллар дәптери” менен ислесиў бойынша жумысларды муўапықластырып барсын.

  1. Сектор баслықлары, район ҳәкиминиң орынбасары – шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлими баслығы (Г.Хожамбергенова) ҳаял-қызлар машқалаларын ҳал қылыў бойынша ислеп шығылған “Жол карта”ларының орынланыўы бойынша ҳәр айда халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң сессия мәжилислеринде есабат берип барыўы белгилеп қойылсын.
  2. Халық депутатлары “Ҳаяллар дәптери” не дизимге алыў ҳәм дизимнен шығарыў бойынша усыныс етилип атырған ҳаял-қызлардың социаллық жағдайларын турақлы түрде үйренип барсын ҳәмде пайда машқалалар ҳәм усыныслар бойынша гезектеги сессия мәжилислерине усыныслар киргизип барыў тапсырылсын.

8.Усы шешимниң орынланыў барысын қадағалаў Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң билимлендириў, ден саўлықты сақлаў, мәденият, спорт, социаллық қорғаў, жаслар сиясаты, ҳаял-қызлар ҳәм гендер теңлик мәселелери бойынша турақлы комиссиясына жүкленсин.

21.10.2022 10:09:49 227