Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының 2021-жыл 28-майдағы «2030-жылға шекем Өзбекстан Республикасында гендер тенликке ерисиў стратегиясын тастыйықлаў ҳаққында»ғы СҚ-297-1V-санлы карарында белгиленген 2021-2022-жылларда әмелге асырылыўы тийис болған ўазыйпалардың орынланыў барысы ҳаққында.

21.10.2022 10:08:23 177 Баспаға шығарыў

Өзбекстан     Республикасы    Олий   Мажлиси   Сенатының     2021-жыл
28-майдағы «2030-жылға шекем Өзбекстан Республикасында гендер теңликке ерисиў стратегиясын тастыйықлаў ҳаққында»ғы СҚ-297-IV -санлы қарарында белгиленген 2021-2022-жылларда әмелге асырылыўы белгиленген ўазыйпалардың орынланыў барысы ҳаққындағы мәселени қарап шығып, сондай-ақ Қарақалпақстан Республикасы «Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ҳаққында»ғы Нызамының 21-статьяларына муўапық Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси

 

ҚАРАР ЕТЕДИ:

  1. Өзбекстан Республикасы Олий   Мажлиси   Сенатының2021-жыл 28-майдағы «2030-жылға шекем Өзбекстан Республикасында гендер теңликке ерисиў стратегиясын тастыйықлаў ҳаққында»ғы СҚ-297-IV -санлы қарарында белгиленген 2021-2022-жылларда әмелге асырылыўы белгиленген ўазыйпалардың орынланыў барысы ҳаққындағыКегейли районыҳәкими орынбасары, шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлими баслығы Г.Хожамбергенованың мәлимлемеси мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
  2. Кегейли районы ҳәкимлиги (Г.Хожамбергенова), тийисли уйымлар ҳәм тараў басшылары менен биргеликте:

-барлық тараўларда ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў, олардың сиясий белсендилигин арттырыў, халықтың бәнтлиги тараўында ҳаял-қызлар ҳәм ерлер ушын кепилленген тең ҳуқық ҳәм имканиятларды, сондай-ақ, мүнәсип жумыс орынларын жаратыў бойынша тийисли илажларды көриў;

-мәжбүрий мийнетке карсы гүресиў, жәбирлеў ҳәм зорлықлардың алдын алыў, оларды анықлаў ҳәм сапластырыў бойынша жумысларды қатаң қадағалаў илажларыналып барыў;

-халықты тәшўишке салып атырған машқалаларды анықлаў ҳәм оларды сапластырыў бойынша басшы лаўазымдағы ҳаял-қызлар менен биргеликте орынларға шыққан ҳалда үйрениў жумысларын алып барыў ҳәм унамлы шешиў әмелиятын кеңнен қолланыў;

-ҳаял-қызлар арасында исбилерменликти раўажландырыў, заманагөй кәсиплерди ийелеўи ушын шараятлар жаратыў, мийнет базары талапларынан келип шығып қайта кәсипке таярлаў курсларын шөлкемлестириў ҳәм банк имтиязлы кредитлери ямаса субсидиялар ажыратылыўы есабынан олрадың бәнтлигин тәмийинлеў илажларын көриў;

-гендер теңлик мәселелерине кең жәмийетшиликтиң итибарын тартыў, сондай-ақ, гендер тенлик мәселелерине бағышланған оқыў-семинарлар шөлкемлестириў ҳәм бул бағдарда ҳаял-қызлардың ҳукықый саўатлылығын арттырыў, басқарыў ҳәм жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары, мәкеме, кәрхана ҳәм шөлкемлерде гендер теңликти енгизиў мақсетинде таңлаўлар шөлкемлестириў;

-ҳаял-қызлар жәмәәтлик кеңеслери ҳәм ҳаял-қызлар мәсләҳәт кеңеслериниң жумысларын және де жеделлестириў, гендер теңликти тәмийинлеў ҳәм ҳаял-кызлардың ҳуқықларын қорғаў бойынша әмелге асырылып атырған илажлардың нәтийжелилигин арттырыў;

-мәкеме ҳәм шөлкемлердеги ҳаял-қызлар мәселелери бойынша басланғыш шөлкемлердин жумысларын және де жеделлестириў ҳәмде ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў илажларын көрсин.

3.Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси депутатлары ҳаял- қызлардың нызамлы мәплерин қорғаў ҳәм оларды қоллап-қуўатлаў, гендер теңликти тәмийинлеў бойынша алып барылып атырған жумыслардың барысын турақлы қадағалаўға алсын.

  1. Кегейли районы ҳәкимлиги (Г.Хожамбергенова) усы шешимде белгиленген ўазыйпалардың орынланыўы бойынша 2022-жылдың 20-декабрь сәнесине шекем Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесине жазба түрде мағлыўмат берсин.

Усы шешимниң орынланыў барысын қадағалаў Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң билимлендириў, ден саўлықты сақлаў, мәденият, спорт, социаллық қорғаў, жаслар сиясаты, ҳаял-қызлар ҳәм гендер теңлик мәселелери бойынша турақлы комиссиясы баслығы Б.Искендеровқа жүкленсин.

 

21.10.2022 10:08:23 178