«Сақаўат ҳәм көмек», «Ҳаяллар дәптери» ҳәм «Жаслар дәптери» жамғармалары қаржыларының қәлиплестирилиўи ҳәм мақсетли жумсалыўы бойыншаалып барылып атырған жумыслардың барысы ҳаққында

21.10.2022 10:07:34 221 Баспаға шығарыў

«Сақаўат ҳәм көмек», «Ҳаяллар дәптери» ҳәм «Жаслар дәптери» жамғармалары қаржыларының қәлиплестирилиўи ҳәм мақсетли жумсалыўы бойынша алып барылып атырған жумыслардың барысы ҳаққындағы мәселени қарап шығып ҳәмде «Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ҳаққында»ғы Қарақалпақстан  Республикасы Нызамының 21-статьясына муўапық халық депутатлары Кегейли районлық  районлық Кеңеси

ШЕШИМ ЕТЕДИ:

 

  1. Кегейли районы “Мәҳәлле” қайырқомлық жәмийетлик фонды баслығы Т.Давлетовтың «Сақаўат ҳәм көмек» жамғармасы, Кегейли районы ҳәкими орынбасары, шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлими баслығы Г.Хожамбергенованың “Ҳаяллар дәптери” жамғармасы, Өзбекстан Жаслар ислери агентлиги Кегейли районлық бөлими баслығы А.Төремуратовтың “Жаслар дәптери” жамғармасы қаржыларының қәлиплестирилиўи ҳәм мақсетли жумсалыўы бойынша есабатлары мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
  2. “Сақаўат ҳәм көмек” жамғармасы (Т.Давлетов), “Ҳаяллар дәптери” жамғармасы қәўендерлик кеңеси (Г.Хожамбергенова), “Жаслар дәптери” жамғармасы қәўендерлик кеңеси (А.Төремуратов):

–  жамғармалар қаржыларының дарамат ҳәм ғәрежетлери параметрлери, олардың орынланыўын, сондай-ақ жамғарма қаржыларының қәлиплестирилиўи ҳәм олардан пайдаланыў тийислисинше қәўендерлик кеңеслери шешимлери менен ҳәр тәреплеме үйренип шығылған ҳалда әмелге асырыў;

– жамғарма қаржыларының қәлиплестирилиўи ҳәм мақсетли жумсалыўы бойынша Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесине ҳәр шеректе есабат берип барыў тәмийинленсин.

  1. Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси депутатлары турақлы түрде “Сақаўат ҳәм көмек”, “Ҳаяллар дәптери” ҳәм “Жаслар дәптери” қаржыларының мақсетли жумсалыўын қадағалаўға алсын.
  2. Усы шешимниң орынланыў барысын қадағалаў Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң билимлендириў, ден саўлықты сақлаў, мәденият, спорт, социаллық қорғаў, жаслар сиясаты, ҳаял-қызлар ҳәм гендер теңлик мәселелери бойынша турақлы комиссиясы баслығы Б.Искендеровқа жүкленсин.

 

21.10.2022 10:07:34 222