Кегейли районы ҳәкимлиги тәрепинен Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020 жыл 11 ноябрьдеги “2020–2023 жылларда Қарақалпақстан Республикасын комплекс социаллық-экономикалық раўажландырыў иләжлары ҳаққында”ғы ПҚ-4889-санлы қарарының орынланыўы бойынша әмелге асырылып атырған жумысларының барысы туўралы есабаты ҳаққында

21.10.2022 10:05:46 182 Баспаға шығарыў

Кегейли районы ҳәкимлиги тәрепинен Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020 жыл  11 ноябрьдеги “2020–2023 жылларда Қарақалпақстан Республикасын комплекс социаллық-экономикалық раўажландырыў иләжлары ҳаққында”ғы ПҚ-4889-санлы қарары тийкарында районда инвестиция жойбарларын әмелге асырыў  бойынша алып барылып атырған жумыслардың барысы ҳаққындағы мәселени қарап шығып ҳәмде «Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының                                21-статьясына муўапық Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси

 

Ш Е Ш И М  Е Т Е Д И:

 

  1. Кегейли районы инвестиция ҳәм сыртқы саўда бөлими баслығы орынбасары Ю.Қойлыбаевтың Кегейли районы ҳәкимлиги тәрепинен Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020 жыл 11 ноябрьдеги “2020–2023 жылларда Қарақалпақстан Республикасын комплекс социаллық-экономикалық раўажландырыў иләжлары ҳаққында”ғы ПҚ-4889-санлы қарары тийкарында районда инвестиция жойбарларының орынланыўы бойынша әмелге асырылып атырған жумысларының барысы туўралы есабаты мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
  2. Инвестиция ҳәм сыртқы саўда бөлими (А. Аманбаев) тийисли тараў басшылары менен биргеликте:

– 2020-2023 жылларда Қарақалпақстан Республикасын комплекс социаллық-экономикалық раўажландырыў бағдарламасында белгиленген Кегейли районы бойынша инвестиция жойбарларының тастыйықланған тармақ кестеси тийкарында 2022-жыл ушын белгиленген мүддетлеринде иске түсирилиўин тәмийинлеў бойынша айқын ис-илажлар белгилеў;

– жойбар басламашылары менен белгиленген жойбардың орынланыўы бойынша исленип атырған жумыслардың барысын турақлы сәўбетлесиўлер өткерип пайда болған машқалалардың тез мүддетте шешилиўин тәмийинлеў;

– биринши наўбетте туўрыдан туўры сырт ел инвестицияларын киргизиў ҳәм сырт ел инвесторлары қатнасында жаңа жойбарларды әмелге асырыў;

– районның экспорт потенциалын асырыў, экспортёр карханалардың әмелдеги режелерин орынлаў жағдайын турақлы түрде мониторинг етип барыў ҳәмде районның экспорт режесин белгиленген мүддетте орынлап барыў;

-район аймағындағы экономикалық өсиў дәрежеси аўыр аймақларда инвестиция жойбарларын әмелге асырыў арқалы халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ўазыйпалары жүкленсин.

– халық арасында пуқараларды исбилерменликке тартыў бойынша                  үгит-нәсиятлаў ҳәм түсиник жумысларын алып барыў;

– хызмет көрсетиў тараўын раўажландырыў, аўыл хожалығы, шарўашылық өнимлерин жетистириў ҳәм қайта ислеў ҳәмде басқа да ислеп шығарыўға байланыслы жаңа жойбарларды шөлкемлестириў;

– әмелге асырылып атырған жумыслардың барысы ҳаққында                               ҳәр шеректиң жуўмағы менен Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесине жазба мәлимлеме бериўге миннетленсин.

  1. Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң депутатларына аймақлардағы инвестиция жойбарларының орынланыўы үстинен қатаң депутатлық қадағалаў орнатыў тапсырылсын.
  2. Усы шешимниң орынланыўын қадағалаў Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң Жергиликли бюджетти қәлиплестириў ҳәм оны орынлаў, экономикалық реформаларды әмелге асырыў ҳәмде исбилерменликти раўажландырыў мәселелери бойынша турақлы комиссиясына (С. Қалханов) ҳәмде тараўлар бойынша район ҳәкиминиң орынбасарларына жүкленсин.

 

21.10.2022 10:05:46 183