Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.М.Мирзиёевтың 2022-жыл
23-24-февраль күнлери Қарақалпақстан Республикасына сапары даўамында берилген тапсырмалардың орынланыўын тәмийинлеў бойынша 2022 жыл
25-февраль күни өткерилген 16-санлы мәжилис баянламасында белгиленген ўазыйпалардың орынланыў барысы ҳаққындағы мәселени қарап шығып, сондай-ақ Қарақалпақстан Республикасы «Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ҳаққында»ғыНызамының21-статьяларына муўапық Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси
ШЕШИМ ЕТЕДИ:
- Кегейли районы ҳәкиминиң финанс-экономикалық ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў мәселелери бойынша биринши орынбасарыМ.Ниязовтың Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.М.Мирзиёевтың 2022-жыл 23-24-февраль күнлери Қарақалпақстан Республикасына сапары даўамында берилген тапсырмалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде“Жол карта”да белгиленген ўазыйпалардыңорынланыўы бойынша әмелге асырылып атырған жумыслардың барысы ҳаққындабаянаты мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
2.Кегейли районы ҳәкимлиги (М.Ниязов), тапсырмалардың орынланыўы бойынша Кегейли районы ис-илажлар режесинде белгиленген ўазыйпалардың мүддетлеринде ҳәм толық орынланыўын тәмийинлеў бойынша киши исши топарлар (А.Утемуратов, Б.Давлетов, А.Аманбаев, П.Өтениязов, А.Сейтимбетов), тийисли тараў басшылары менен биргеликте:
-Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң 2022-жыл
10-марттағы “Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.М.Мирзиёевтың
2022-жыл 23-24-февраль күнлериҚарақалпақстан Республикасына сапары даўамында берилген тапсырмалар ҳәм 25-февраль күни өткерилген 16-санлы мәжилис баяны тапсырмаларының орынланыўын тәмийинлеў ҳаққында”ғы
131-13-0-Q/22-санлы қарары тийкарындаКегейли районы ҳәкиминиң 2022-жыл 1-апрельдеги127-13-184-Q/22-санлы шешимименен ис-илажлар режесинде белгиленген ўазыйпалардың белгиленген мүддетлерде ҳәм сапалы орынланыўын тәмийинлеў;
-ўазыйпалардың орынланыўы үстинен турақлы мониторинг жүргизиў арқалы жумысларды шөлкемлестириў;
-таңланып алынған жағдайы аўыр болған мәҳәлле пуқаралар жыйынларын қоллап-қуўатлаў, халық ушын мүнәсип шараятлар жаратыў, халықтың, әсиресе жаслар ҳәм ҳаял-қызлардың бәнтлигин тәмийинлеў;
– экономикалық раўажландырыў, шаңарақ исбилерменлигин раўажландырыў ҳәм сервис хызметин раўажландырыў мақсетинде коммерциялық банк кредитлери, субсидиялар ажыратыў, сондай-ақ қәўендерлик қаржылары есабынан белгиленген жойбарлардың өз мүддетлеринде орынланыўын тәмийинлеў;
– исбилерменлерди ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў ҳәм оларда жүзеге келиўи мүмкин болған машқалаларды унамлы шешилиўин тәмийинлеў;
– жыл ақырына шекем “Жол карта” да белгиленген 231 жаңа исбилерменлик субъектлерин шөлкемлестириў ҳәм 2895 жумыссыз пуқаралардың турақлы бәнтлигин тәмийинлеў, 389 жумыссыз пуқараларды кәсип-өнерге оқытыў;
– мәҳәллелерде исбилерменликти раўажландырыў, халық бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм камбағаллықты қысқарттырыў мәселелери бойынша ҳәким жәрдемшилери жумысларының нәтийжелилигин асырыў бойынша айқын илажлар белгилесин.
- Әмелге асырылған жумыслар ҳаққында усы жылдың жуўмағы менен Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесине жазба түрде мағлыўмат бериў тапсырылсын.
- Кегейли районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети (Н.Даўенова), “Кегейли турмысы” газетасы (Е.Мухамбетов) район аймағында белгиленген ўазыйпалардың орынланыўы бойынша әмелге асырылып атырған жумыслардың барысы ҳаққында ғалаба хабар қуралларында ҳәм социаллық тармақларда кеңнен жарытып барсын.
- Усы шешимниң орынланыўын қадағалаў Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң Жергиликли бюджетти қәлиплестириў ҳәм оны орынлаў, экономикалық реформаларды әмелге асырыў ҳәмде исбилерменликти раўажландырыў мәселелери бойынша турақлы комиссиясы (С. Қалханов) на ҳәм район ҳәкими орынбасарларына жүкленсин.