Кегейли районы жынаят ислери бойынша суды баслығының пуқаралар ҳуқықлары ҳәм еркинликлерин, сондай-ақ кәрханалар, мәкемелер ҳәм шөлкемлердиң ҳуқықлары ҳәмде нызам менен қорғалатуғын мәплерин суд жолы менен қорғалыўын әмелге асырыўға тийисли жумыслары туўралы мәлимлемеси ҳаққындағы мәселени қарап шығып ҳәмде «Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының 21-статьясына муўапық Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси
ШЕШИМ ЕТЕДИ:
- Кегейли районы жынаят ислери бойынша суды баслығы А.Аметовтың 2022-жылдың тоғыз айы даўамында пуқаралар ҳуқықлары ҳәм еркинликлерин, сондай-ақ кәрханалар, мәкемелер ҳәм шөлкемлердиң ҳуқықлары ҳәмде нызам менен қорғалатуғын мәплерин суд жолы менен қорғалыўын әмелге асырыўға тийисли жумыслары туўралы мәлимлемеси мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
- Жынаят ислери бойынша Кегейли районы судына (А.Аметов) жәмийетте нызамлылықты тәмийинлеўде профилактикалық ис-илажлар ролин жаңа басқышқа көтериў, әдил судлаўды тәмийинлеў, пуқаралар ҳуқықлары ҳәм еркинликлерин, сондай-ақ кәрханалар, мәкемелер ҳәм шөлкемлердиң ҳуқықлары ҳәмде олардың нызам менен қорғалатуғын мәплерин суд жолы менен қорғалыўын тәмийинлеў жумысларының нәтийжелилигин асырыўға қаратылған иләжларды белгилесин.
- Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары, мәкеме, кәрхана, шөлкем басшылары суд тәрепинен өткерилип атырған көшпели суд мәжилислеринде шығарылған уйғарыўлардың кең жәмийетшилик арасында додаланыўын шөлкемлестириў, судлардың қатнасыўында ҳуқықый, үгит-нәсият илажларын турақлы түрде шөлкемлестирип барыў тапсырылсын.
- Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң “Суд-ҳуқық мәселелери ҳәм коррупцияға карсы гүресиў бойынша” турақлы комиссиясына (М.Аймуратов) тараўлар, пуқаралар жыйынлары ҳәм ҳуқық қорғаў органлары ўәкиллери менен биргеликте:
– жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў бойынша мийнет жәмәәтлеринде, оқыў орынларында жүз берген жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықлардың келип шығыў себеплери ҳәм олардың алдын алыў, сондай-ақ жол ҳәрекети қағыйдалары бойынша оқыў-семинарлар шөлкемлестирип барыў тапсырылсын.
– ҳуқықбузарлықлардың келип шығыў себеплери, оларға шәраят жаратып берип атырған дереклерди үйрениў, ҳәр бир ҳуқықбузарлық жағдайларын аймақлық профилактика инспекторлары, мәҳәлле ҳәм жәмийетшиликтиң кең қатнасыўында сын көз-қараста талқылап барыў;
– жүз берген жынаятлардың басым көпшилиги жумыссыз пуқаралар тәрепинен келип шығыўына байланыслы өзин-өзи басқарыў уйымлары, бәнтликке көмеклесиў орайы, аймақлардағы ҳәким жәрдемшилери ҳәм жаслар жетекшилери менен биргеликте жумыссыз пуқаралардың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша ис-илажлар белгилесин.
- Усы шешимниң орынланыўын қадағалаў Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң «Суд-ҳуқық мәселелери ҳәм коррупцияға карсы гүресиў бойынша» турақлы комиссиясына жүкленсин.