Мәҳәллелерде ҳәким жәрдемшилериниң халық мүрәжатлары менен ислесиў барысы ҳәм 2022-жылдың 9 айы даўамында Өзбекстан Республикасы Президентиниң Кегейли районындағы Халық қабыллаўханасының мәмлекетлик органлар менен халық ортасындағы қарым қатнасты жолға қойыў, орынлардағы машқалаларды анықлаў ҳәм шешиў бойынша алып барылып атырған жумыслары туўралы мәлимлемеси ҳаққында.

21.10.2022 10:01:02 166 Баспаға шығарыў

Мәҳәллелерде ҳәким жәрдемшилериниң халық мүрәжатлары менен ислесиў барысы ҳәм 2022-жылдың 9 айы даўамында Өзбекстан Республикасы Президентиниң Кегейли районындағы Халық қабыллаўханасының мәмлекетлик органлар менен халық ортасындағы қарым қатнасты жолға қойыў, орынлардағы машқалаларды анықлаў ҳәм шешиў бойынша алып барылып атырған жумыслары туўралы мәлимлемеси ҳаққындағы мәселени қарап шығып Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси

Ш Е Ш И М   Е Т Е Д И :

  1. Өзбекстан Республикасы Президентиниң Кегейли районындағы Халық қабыллаўханасының Мәҳәллелерде ҳәким жәрдемшилериниң халық мүрәжатлары менен ислесиў барысы ҳәм 2022-жылдың 9 айы даўамында Өзбекстан Республикасы Президентиниң Кегейли районындағы Халық қабыллаўханасының мәмлекетлик органлар менен халық ортасындағы қарым қатнасты жолға қойыў, орынлардағы машқалаларды анықлаў ҳәм шешиў бойынша алып барылып атырған жумыслары туўралы мәлимлемеси ҳаққындағы Өзбекстан Республикасы Президентиниң Кегейли районындағы Халық қабыллаўханасы баслығы М.Арзымбетовтың мәлимлемеси мағлыўмат ушын қабыл етилсин.

 

  1.  Райондағы сектор басшылары:

-пухаралардың ҳуқуқ ҳәм еркинликлерин қорғаў, олардан келип түскен мүрәжатларды унамлы шешиў жумысларын тийисли мәкеме ҳәм кәрхана басшылары менен биргеликте сыпатлы орынланыўын тәмийинлесин ҳәм жеке жуўапкершилиги белгилеп қойылсын;

– Өзбекстан Республикасы Президенти Виртуал қабыллаўханасы ҳәм Халық

қабыллаўханаларына келип түсип атырған мүрәжатлардың тийисли тараўлар менен биргеликте өз ўақтында унамлы шешимин тәмийинлеў ҳәм халық мүрәжатлары менен ислесиў бойынша әмелге асырылып атырған жумысларды турақлы түрде қадағалаўға алсын;

– халық мүрәжатларынан келип шығып, анықланған жәрдемге мүтәж пуқараларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, шаңарақлар ҳәм мәҳәллелерде өз-ара татыўлық ҳәм ҳүрмет орталығын беккемлеўге айрықша итибар қаратсын.

  1. Пуқаралардан келип түсип атырған мүрәжатлар менен ислесиўде айырым тараў басшыларының орынларда қәте-кемшиликлерге жол қойылып атырғанлығы атап өтилсин.
  2. Район ҳәкимлиги (М. Ниязов, А.Утемуратов, П.Өтениязов), Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў бөлими (А. Сейтимбетов), пуқаралар жыйынлары ҳәм тийисли тараў басшылары менен биргеликте:

– пуқаралардың муражатлары менен ислесиў жумысларындағы орын алып атырған кемшиликлерди сапластырыў ҳәм буннан былай болдырмаў бойынша айқын илажлар белгилесин, кемшиликлерге жол қойып атырған жуўапкер шахслардың интизамий жуўапкершилигин тийисли мәжилислеринде қарап шығыў;

– пуқаралар тәрепинен келип түскен мүрәжатлар ҳәм олардың унамлы шешимлери бойынша әмелге асырылған жумыслар ҳаққында Халық қабыллаўханасына ҳәм сектор басшыларына белгиленген мүддетлерде жазба түрде мағлыўмат берип барыў тапсырылсын.

  1. Кегейли районындағы мәҳәллелерде исбилерменликти раўажландырыў, халық бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм камбағаллықты қысқарттырыў мәселелери бойынша ҳәким жәрдемшилериниң халық мүрәжатлары менен ислесиўде қәте-кемшиликлерге жол қойылып атырғанлығы атап өтилсин.
  2. Кегейли районы ҳәкимлиги (М. Ниязов) Мәҳеллебай ислеў ҳәм исбилерменликти раўажландырыў орайы (Н.Асқарбаев) аймақлардағы ҳәким жәрдемшилери тәрепинен халық мүрәжатлары менен ислесиўде жол қойылып атырған кемшиликлерди сапластырыў жумысларын қатаң қадағалаўға алсын ҳәм күнлик мониторинг жүргизиў тапсырылсын.
  3. Алдағы ўақытлары бундай қәте-кемшиликлерге жол қойған тийисли ҳәким жәрдемшилерине интизамый жаза шаралары қолланылатуғынлығы ескертилсин.
  4. Усы шешимниң орынланыўын қадағалаў сектор басшылары ҳәм Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң турақлы комиссия баслықларына жүкленсин.
21.10.2022 10:01:02 167