Усы жылдың
7-октябрь күни Өзбекстан Республикасы Олий Мажлис Сенатының отыз үшинши жалпы мәжилиси болып өтип, онда жәми 11 мәселе, соның ишинде 6 нызам көрип шығылды.
Жалпы мәжилисте мақулланған нызамлар ҳәм басқада көрип шығылған ҳүжжетлердиң мазмун-мәнисин ҳәм әҳмийетин халыққа кеңнен түсиндириў мақсетинде орынларға сенаторлар бириктирилип, ушырасыўлар өткериў кестеси тастыйықланған болып, бүгин Кегейли районы ҳәкимлигинде Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты ағзасы Г. Аннаклычева қатансыўында ушырасыў ɵткерилди. Оған Халық депутатлары районлық Кеңеси депутатлары, район ҳәкимниниӊ орынбасарлары, пуқаралар жыйынлары, ҳуқық қорғаў уйымлары, мәкеме, кәрхана, шөлкемлердиң басшылары ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.
Күн тәртибиндеги мәселе бойынша Сенаты ағзасы Г. Аннаклычева шығып сɵйлеп, мәжилисте кɵрип шығылған Нызамларға тоқталып ɵтти.
Атап айтқанда, “Географиялық объектлердиң атамалары ҳаққында”ғы Өзбекстан Республикасы Нызамына өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў , «Пуқаралардың мәмлекетлик пенсия тәмийнаты ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамына пенсия тайынлаў тәртибин жетилистириўге қаратылған өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққындағы нызамның мазмун-әҳмийети бойынша толық мағлыўматлар берилди.
Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети