Сессия күн тәртибинде тɵмендеги 14 мәселе кɵрип шығылды.
- Мәҳәллелерде ҳәким жәрдемшилериниң халық мүрәжатлары менен ислесиў барысы ҳәм 2022-жылдың 9 айы даўамында Өзбекстан Республикасы Президентиниң Кегейли районындағы Халық қабыллаўханасының мәмлекетлик органлар менен халық ортасындағы қарым қатнасты жолға қойыў, орынлардағы машқалаларды анықлаў ҳәм шешиў бойынша алып барылып атырған жумыслары туўралы мәлимлемеси ҳаққында.
- Кегейли районы жынаят ислери бойынша суды баслығының2022 жылдың тоғыз айы даўамында пуқаралар ҳуқықлары ҳәм еркинликлерин, сондай-ақ кәрханалар, мәкемелер ҳәм шөлкемлердиң ҳуқықлары ҳәмде нызам менен қорғалатуғын мәплерин суд жолы менен қорғалыўын әмелге асырыўға тийисли жумыслары туўралы мәлимлемеси ҳаққында.
3.Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.М.Мирзиёевтың 2022-жыл 23-24-февраль күнлери Қарақалпақстан Республикасына сапары даўамында берилген тапсырмалардың орынланыўын тәмийинлеў бойынша 2022 жыл 25-февраль күни өткерилген 16-санлы мәжилис баянламасында белгиленген ўазыйпалардың орынланыў барысы ҳаққында.
4.Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020 жыл 11 ноябрьдеги “2020–2023 жылларда Қарақалпақстан Республикасын комплекс социаллық-экономикалық раўажландырыў иләжлары ҳаққында”ғы ПҚ-4889-санлы қарары тийкарында Кегейли районында инвестиция жойбарларын әмелге асырыў ҳәм районаймағында инвестициялар киргизиў бойынша алып барылып атырған жумыслардың барысы ҳаққында.
- 5. Кегейли районы ишки ислер бөлими баслығыныңрайон аймағындаҳуқықбузарлықлардың алдын алыў ҳәм олардың профилактикасы жағдайлары туўралы есабаты ҳаққында.
- Кегейли районы ҳәкимлиги тәрепинен “Сақаўат ҳәм көмек”, “Ҳаяллар дәптери” ҳәм “Жаслар дәптери” жамғармалары қаржыларының қәлиплестирилиўи ҳәм мақсетли жумсалыўы бойынша алып барылып атырған жумысларының барысы туўралы есабаты ҳаққында.
- Кегейли районы ҳәкими орынбасары-шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлими баслығының Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының 2021-жыл 28-майдағы “2030-жылға шекем Өзбекстан Республикасында гендер теңликке ерисиў стратегиясын тастыйықлаў ҳаққында”ғы СҚ-297-IV-санлы қарарында белгиленген ўазыйпалардың орынланыўы бойынша мәлимлемеси ҳаққында.
- Кегейли районы ҳәкимлиги, секторлар ҳәмде тийисли тараў басшылары тәрепинен ҳаял-қызлар машқалаларын шешиў бойынша әмелге асырылып атырған жумысларының барысы ҳаққында.
- Кегейли районлық финанс бөлими баслығының 2022-жылдың үшинши шереги жуўмағы бойынша жергиликли бюджет параметрлериниң орынланыўы туўралы есабаты ҳаққында.
- Кегейли районлық мәмлекетлик салық инспекциясы баслығының
2022-жылдың үшинши шереги жуўмағы бойынша салық түсими ҳәм
басқа да мәжбүрий төлемлер бойынша прогноз көрсеткишлериниң орынланыўы туўралы мәлимлемеси ҳаққында. - Кегейли районы медицина бирлеспеси баслығының тараўда әмелге асырылып атырған реформалар нәтийжелилиги ҳәм 2022-жыл ақырына шекем әмелге асырылатуғын жумыслары туўралы есабаты ҳаққында.
- Кегейли районы халық бәнтлигине көмеклесиў орайы тәрепинен жаңа жумыс орынларын жаратыў ҳәм халықтың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша алып барып атырған жумыслардың барысы туўралы мәлимлемеси ҳаққында.
- «Сақаўат ҳәм көмек» жамғармасы қаржылары есабынан жәрдемге мүтәж шаңарақларды социаллық жақтан қоллап-қуўатлаў мақсетинде қаржы ажыратыў ҳаққында.
Кɵрип шығылған мәселелер бойынша депутатлар тәрепинен пикир-усыныслар билдирилип, қарарлар қабыл етилди.
Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети