Қумшүнгилде 150 орынлық балалар бақшасы жаңадан қурылды

18.10.2022 17:17:49 120 Баспаға шығарыў

Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ 2022-жыл 22-январдағы 2022-2024-жылларда Өзбекстан Республикасыныӊ социаллық ҳәм ислеп шығарыў инфраструктурасын раўажландырыў ис-илажлары ҳаққында”ғы ПҚ-98-санлы қарары тийкарында “Қумшүнгил” АПЖ аймағында 150 орынлық мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми имаратын жаӊадан қурып питкерилди.

Қурылыстың улыўма баҳасы 4849,2 млн. сўм болып, бүгинги күнге курылыс жумыслары толық жуўмақланды.

Шөлкемди рәсмий түрде ҳүжжетлестириў жумыслары жуўмақланғаннан кейин, бақша имараты аўыл халқы ушын пайдаланыўға тапсырылады.

Кегейли районы ҳәкимлигиниң
Мәлимлеме хызмети
@kegeylirkuzofficial

18.10.2022 17:17:49 121