Белгиленген ис-реже тийкарында Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң Билимлендириў, ден саўлықты сақлаў, мәденият, спорт, социаллық қорғаў, жаслар сиясаты, ҳаял-қызлар ҳәм гендер теңлик мәселелери бойынша турақлы комиссиясының мәжилиси болып өтти.
Мәжилис күн тәртибинде:
-«Пуқаралардың ѳзин-ѳзи басқарыў уйымлары ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасының Нызамы ҳәм тийисли ҳүкиметлик қарарлары талапларының орынланыў барысы ҳаққында.
– Кегейли районы ҳәкимлиги тәрепинен “Сақаўат ҳәм көмек”, “Ҳаяллар дәптери” ҳәм “Жаслар дәптери” жамғармалары қаржыларының қәлиплестирилиўи ҳәм мақсетли жумсалыўы бойынша алып барылып атырған жумысларының барысы туўралы есабаты ҳаққында.
-Кегейли районы ҳәкими орынбасары-шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлими баслығының Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының 2021-жыл 28-майдағы “2030-жылға шекем Өзбекстан Республикасында гендер теңликке ерисиў стратегиясын тастыйықлаў ҳаққында”ғы СҚ-297-IV-санлы қарарында белгиленген ўазыйпалардың орынланыўы бойынша мәлимлемеси ҳаққында.
– «Сақаўат ҳәм көмек» жамғармасы қаржылары есабынан жәрдемге мүтәж шаңарақларды социаллық жақтан қоллап-қуўатлаў мақсетинде қаржы ажыратыў ҳаққында.
Мәжилис күн тәртибиндеги мәселелер ҳәр тәреплеме талқыланып Халық депутатлары Кегейли районлық Кеӊесиниӊ гезектеги сессиясына усыныў ҳаққында шешим қабыл етилди.