СТАТИСТИКАЛЫҚ МАҒЛЫЎМАТ

17.10.2022 15:59:29 139 Баспаға шығарыў

2022-жылдың 1-сентябрь ҳалатына  районымыз аймағында 1390 хожалық жүритиўиши субьектлер мəмлекетлик дизимге алынған болып, соннан киши бизнес субьектлери  863 ти  қурайды. Дизимге алынған  киши бизнес субьектлеринен ҳəрекет етип турғаны  818 субъект болып,  соннан  114 субъект   жыл басынан жаңадан ашылып  бүгинги күнде өз жумысларын жолға қойып өз хызметлерин халқымызға усынбақта. Жаңадан ашылған исбилерменлик субъектлерине мəмлекетимиз тəрепинен берилип атырған жеңилликлер ҳəм статистика бөлимине тапсырылатуғын мəмлекетлик статистикалық есабатлар ҳәм олардиң мүддетлери ҳаққында түсинидириў жумыслары алып барылмақта.

Районымызда дизимге алынған киши бизнес субъектлеринен санаат кәрханалари саны 101, қурылыс кәрханалари саны 68, саўда кәрханалари саны 175, ҳәмде 289 аўыл хожалығы ҳ.т.б. кәрханалардан ибарат.

2022 жылдың 1-сентябрь халатына район аймағында ҳәрекет етип турған санаат кәрханалары тәрепинен 119,9 млрд. сумлық санаат өнимлери, сыртқы саўда айланбасы  6,2 млн. АҚШ доллар, усақлап сатыў товар айланбасы 175,7 млрд. сум, жәми хызметлер тараўы 122,0 млрд сум болып 112,8 пайызды қурады ҳәм ɵсим пәти тәмийнленди.

 

         Кегейли районы статистика бөлими

17.10.2022 15:59:29 140