ТУРАҚЛЫ КОМИССИЯ МӘЖИЛИСИ БОЛЫП ӨТТИ

13.10.2022 16:07:38 114 Баспаға шығарыў

Белгиленген ис-реже тийкарында Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң Билимлендириў, ден саўлықты сақлаў, мәденият, спорт,  социаллық қорғаў, жаслар сиясаты, ҳаял-қызлар ҳәм гендер теңлик мәселелери бойынша турақлы комиссиясының мәжилиси болып өтти.

Мәжилис күн тәртибинде Кегейли районы медицина бирлеспеси баслығының тараўда әмелге асырылып атырған реформалар нәтийжелилиги ҳәм 2022-жыл ақырына шекем әмелге асырылатуғын жумыслары туўралы есабаты ҳаққындағы мәселе кеңнен талқыланды.

Мәжилис күн тәртибиндеги мәселе ҳәр тәреплеме талқыланып Халық депутатлары Кегейли районлық Кеӊесиниӊ гезектеги сессиясына усыныў ҳаққында шешим қабыл етилди.

13.10.2022 16:07:38 115