Бүгин Кегейли районы ҳәкимлигинде Кегейли районында аўыл хожалығы ɵнимлерин жетистириў ҳәм халықты азық-аўқат ɵнимлери менен тәмийинлеў бағдарында әмелге асырылып атырған жумысларға арналған баспасɵз конференциясы ɵткерилди.
Оған район ҳәкиминиң аўыл ҳәм суў хожалығы мәселелери бойынша орынбасары П.ϴтениязов қатнасты. Ол ɵз сɵзинде Өзбекстан Республикасы Президенти басшылығында усы жылдың 18-июль күни өткерилген видеоселектор мәжилисинде берилген тапсырмаларға муўапық, район халқын тийкарғы түрдеги азық-аўқат өнимлери менен кепилликли тәмийинлеў, ишки тутыныў базарына өнимлердиң ўақытында жеткерип берилиўин системалы мониторинг ҳәм бақлаў ҳәм де базарларда баҳалардың кескин асыўының алдын алыў баслы мақсетимиз болып табылатуғынлығын атап ɵтти.
Сондай-ақ, халықтыӊ талабын қанаатландырыў мақсетинде қосымша ерте ҳәм ғәлледен босаған такрарий есабынан 1614 гектар майданлардан 12572 тонна өним ҳәмде тийкарғы майданларга август-сентябрь айларында тоқсанбасты усылында 91,5 гектар майданға пияз ҳәм сарымсақ пияз егип, усы егинлерден 1347 тонна өним күтилмекте.
Буннан басқа 2022-жыл гүз ҳәм 2023-жыл бәҳәр айларында 1881 тонна қыс ҳәм бәҳәр айларында азық аўқат өнимлерин ғамлаў режелестирип.
Соннан:
445 тонна картошка
265 тонна пияз
452 тонна гешир
719 тонна гүриш өнимлерин жамгарыў белгиленген.
Бул түрдеги өнимлерди жамғарыўдың есап китапбын ислеп жетиспейтуғын өнимлерди шет мәмлекетлерден ҳәм ўәлаятлардан алып келип ғамлаўды режелестирилген.
Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети