ПӘРМАНДА БЕЛГИЛЕНГЕН ЖЕҢИЛЛИКЛЕР АТАП ӨТИЛДИ.

27.09.2022 19:47:05 397 Баспаға шығарыў

Соңғы жыллар ишинде Ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында Қарақалпақстан Республикасын социаллық-экономикалық раўажландырыў бойынша кең көлемли жумыслар алып барылып, бул болса өз гезегинде халықтың абадан турмысын тәмийинлеў ҳәм қолайлы шараятлар жаратыўда айрықша орын тутпақта.

Соны айрықша атап өтиўимиз керек, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022 жыл 31-августтағы «Қарақалпақстан Республикасында исбилерменлик, инновациялық технологиялар ҳәм инфраструктураларды жедел пәтлерде раўажландырыў арқалы халықтың абаданлығын арттырыўдың қосымша илажлары ҳаққында»ғы ПФ-213-санлы Пәрманының қабыл етилиўи бул бағдардағы илажлар көлемин жаңа басқышларға көтериўге себеп болмақта.

Қабыл етилген бул Пәрман менен Қарақалпақстан Республикасының социаллық-экономикалық, өндирис ҳәм инвестициялық потенциалынан нәтийжели пайдаланыў, исбилерменликти раўажландырыў, бәсекилес өнимлер ислеп шығарыўды хошаметлеў, исбилерменлерге көрсетилетуғын финанслық хызметлер көлемин кеңейтиў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеўдиң тийкарғы бағдарлары анық белгилеп берилген.

Бул Пәрманның мазмуны ҳәм әҳмийетин, ондағы белгиленген ўазыйпалардың халықтың турмыс шараятын еледе жақсылаўға қаратылғанлығын елимизде кеңнен үгит-нәсиятлаў бүгинги кунниң баслы ўазыйпаларынан саналады.

Усы мақсетте, бүгин, Кегейли районы ҳәкимлигиниң мәжилислер залында усы Пәрманның мазмун-мәнисин ҳәм әҳмийетин үгит-нәсиятлаў ҳәм түсиндириў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары Атабек Давлетов, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутаты Д.Қурбаниязов, Қарақалпақстан Республикасы Экономикалық раўажландырыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министриниң биринши орынбасары Шамуратов Атамурат Шамунович, сектор басшылары, сондай-ақ, Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси депутатлары, районлық мәҳәллебай орайы ҳәм ҳәким жәрдемшилериниң қатнасыўында ушырасыў өткерилди.

Ушырасыўда тарийхый ҳүждет тийкарында халқымыз ушын барлық тараўларда белгилеп берилген жеңилликлердиң бәршеси әпиўайы тәризде кеңнен түсиндирилип, усы жеңилликлик ҳәм қолайлықлардан ҳәр бир пуқара нәтийжели пайдаланаўы ушын оның әҳмийетин ҳәр бир көшеде, ҳәр бир аўылда халық арасында кеңнен үгит-нәсият етиў бойынша депутаиларға ўазыйпалар да белгилеп берилди.

Ушырасыў даўамында қатнасыўшылар өзлериниң пикирлерин билдирип, қызықтырған сораўларына жуўаплар алды.

Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети

27.09.2022 19:47:05 398