Бәршеңиздиң хабарыңыз бар усы жылы 26-август күни мәмлекетимиз президенти Шавкат Мираманович Мирзиёевтың Қарақалпақстан Республикасына келиўи ҳәм оның бизиң диярымызға бизиң қарақалпақстан елине болған меҳир-муҳаббатын оның ҳәр бир сөзинен аңлаўымыз мүмкин еди. Сондай-ақ бул тарийхый сапар шағында бизиң аймагымыздың ҳәр бир тараўына берилип атырған имканият ҳәм жеңилликлерди көрип қуўанышқа толасан.
Атап айтқанда:
Қарақалпақстан Республикасы халқыныӊ турмыс дәрежесин жәнеде жақсылаў, исбилерменликти раўажландырыў мақсетинде:
-пайда салығы ставкасын 15 проценттен 7,5 процентке кемейтиў;-
-айланба салық ставкасын Нөкис қаласында 4 проценттен 2 процентке, районларда 2 проценттен 1 процентке, алыс аймақларда болса 1 проценттен 0,5 процентке кемейтиў ҳәм мал-мүлк ҳәм жер салығы ставкаларын 2 есеге кемейтиў бойынша қарар жойбарын киргизиў бойынша анық тапсырмалар белгилеп берилди. Сондай-ақ жас исбилерменлерге өндирис ҳәм хызмет көрсетиў ушын зәрүр әсбап-үскенелер сатып алыў мақсетинде Жас исбилерменлерди қоллап-қуўатлаў қоры арқалы 7 жыл мүддетке қарыз қаржылары ажыратылыўы ҳәм шаңарақлық исбилерменликти раўажландырыў бағдарламалары шеңбериндеги жойбарларды қаржыландырыў ушын 2022-жылдың ақырына шекем қосымша түрде 200 миллиард сўм кредит ажыратылыўы үлкен имканиятлар есигиўин ашыўы анық.
Қарақалпақстан Республикасында Аграр тараўдағы мәселелерди сапластырыў мақсетинде:
2022-жыл жуўмағына шекем 6 мың 620 гектар, келеси жылда 6 мың гектар пахта ҳәм ғәлле жерлерин қысқартып, пуқараларға ижараға бериўди жолға қойыў, сондай-ақ егин егиў қәрежетлери ушын фермерлерге 200 миллиард сўм ҳәм дийқанларға 50 миллиард сўм қаржы ажыратыў ҳәм суў тәмийнатын жақсылаў мақсетинде ҳәр бир қудықты бураўлаў ҳәм иске түсириў ушын 15 миллион сўмға шекем субсидия ажыратылатуғынлығын ҳәм басқада финанслық жәрдемлер көрсетилетуғынлығы белгиленди.
Назира Аметова
Халық депутатлары Кегейли
районлық кеңеси депутаты