ТЕРИМШИЛЕР ХОШАМЕТЛЕНДИ

24.09.2022 10:46:43 185 Баспаға шығарыў

Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси депутат А.Кушетова райондағы 2-санлы кәсип-өнер мектеби ҳәмде 2-санлы мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминде Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 31-августтағы «Қарақалпақстан Республикасында исбилерменлик, инновациялық технологиялар ҳәм инфраструктураларды жедел пәтлерде раўажландырыў арқалы халықтың абаданлығын арттырыўдың қосымша илажлары ҳаққында»ғы ПП-213-санлы Пәрманының мазмунын ҳәм әҳмийетин үгит-нәсиятлаўға ҳәмде жаслар ҳәм балалар ҳуқықларының беккемлениўиндеги орнына бағышланған ушырасыўы болып өтти.
Ушырасыў барысында Ғәрезсизлик жылларындағы мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған реформалардың барысы ҳәмде Президент Пәрманының мазмуны ҳәм әҳмийети ҳаққында кең түрде түсиндирилип өтилди.

24.09.2022 10:46:43 186