ЖӘМИЙЕТИМИЗДИҢ РАЎАЖЛАНЫЎЫ НЫЗАМ ҮСТИНИЛИГИ МЕНЕН КЕПИЛЛЕНЕДИ.

22.09.2022 15:15:03 162 Баспаға шығарыў

2022 жылдың 13-сентябрь күни Өзбекстан Республикасы Олий Мажлис Сенатының отыз екинши жалпы мәжилиси болып өтип, онда  жәми 13 мәселе, соның ишинде 5 нызам көрип шығылды.

Бүгинги күни жәмийетимиз ҳәм мәмлекетимиздиң раўажланыўы нызам үстинлиги менен кепилленеди. Ҳәр қандай глобал шараятта, ҳәр қандай жағдайда инсан ҳуқықы ҳәм мәплерин тәмийинлеў, экономикалық турақлылықты сақлап қалыў, социаллық қорғаўды еле де күшейттириў, жас әўладтың тәлим-тәрбиясына жәнеде тереңирек итибар қаратыў ең баслы ўазыйпалардан саналады.

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлис Сенатының отыз екинши жалпы мәжилисинде бул жөнелислердиң ҳуқықый тийкарын жетилистириўге тийисли бир қатар мәселелер сенаторлар тәрепинен ҳәр тәреплеме көрип шығылды ҳәмде пикир-усыныслар билдирилди.

Олий Мажлис Сенатының отыз екинши жалпы мәжилисинде Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Баслығының орынбасарын сайлаў ҳаққындағы мәселе көрип шығылды.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Орынбаев Аманбай Тлеўбаевич Олий Мажлис Сенаты Баслығының орынбасары етип сайланды.

(Изоҳ.“Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты ҳаққында”ғы Өзбекстан Республикасының Конституциялық нызамының 15-статьясына муўапық Олий Мажлис Сенаты Баслығының орынбасарларынан бири Қарақалпақстан Республикасы ўәкили болатуғынлығы белгилеп қойылған.)

Олий Мажлис Сенатының отыз екинши жалпы мәжилисинде “Электронлы коммерция ҳаққында”ғы Нызам көрип шығылды ҳәм сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Мәмлекетимизде соңғы 5 жылда электронлы коммерция тараўында жалпы ислеп шығарыў көлеми 48 есеге өсип, 1,1 триллион сўмды қураған. Лекин, “Электронлы коммерция ҳаққында”ғы 2015-жылда қабыл қылынған әмелдеги Нызам ислеп шығылған дәўирде бул имканиятлар жетерли дәрежеде раўажланбаған еди.

Жаңа редакциядағы “Электронлы коммерция ҳаққында”ғы Нызам “Рақамлы Өзбекстан-2030” стратегиясында белгиленген мақсетлер тийкарында ислеп шығылған болып, онда электронлы шәртнамаларды дүзиўдиң анық тәртиби белгиленбекте. Атап айтқанда, электронлы ҳүжжетлердиң юридик күши, офертаға қойылатуғын талаплар, электронлы ҳүжжетлерди сақлаў қәсийетлери, электронлы питимди әмелге асырыў тәртиби ҳәм электронлы шәртнамаларды дүзиў шәртлери ҳуқықый тәрептен беккемлеп қойылмақта.

Бул нызам тәжирийбеде көплеп қолайлықларды жаратады. Атап айтқанда, Нызам менен электронлы коммерцияда қарыйдардың шәртлери толық қанаатландырылмағанша мәлимлеме системасында пул қаржыларын услап турыў имканиятын бериўши пулды депонентлаў системасы енгизилмекте. Және бир әҳмийетли тәрепи соннан ибарат, юридикалық шахслар менен бир қатарда өзин-өзи бәнт қылған шахсларға электронлы коммерцияда қатнасыыў ҳуқықы берилмекте.

“Электронлы коммерция ҳаққында”ғы Нызам жақын келешекте қолай ҳәм ашық ҳалда сатыўшылар ҳәм карыйдарлар ортасында туўрыдан-туўры шәртнама қатнасықларын орнатыў, халық аралық стандартларға жуўап беретуғын технологиялық базар инфраструктурасын жарататыўға көмек береди.

Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Жалпы мәжилисте “Сыртқы мийнет миграциясы ҳаққында” ғы  Нызам көрип шығылды.

Сыртқы мийнет миграциясы тараўындағы қатнасықларды тәртипке салыўды нәзерде тутатуғын бул Нызам сенаторлар тәрепинен тараў экспертлары, министрлик ҳәм ведомстволар ўәкиллери қатнасында талқыланды ҳәм оның айырым статьяларының нормаларында кемшиликлер анықланып, терең талқылаўлардан соң “Сыртқы мийнет миграциясы ҳаққында”ғы Өзбекстан Республикасы Нызамы сенаторлар тәрепинен мақулланбады.

Буннан кейин Сенаттың отыз екинши жалпы мәжилисинде “Электронлы цифрлы имза ҳаққында”ғы Нызам талқыланды.

Жыл сайын интернет тармақлары арқалы аралықтан (онлайн) хызметлер көрсетиў раўажланбақта. Әсиресе, физикалық ҳәм юридикалық шахслар тәрепинен электронлық ҳүжжет айланысы артып баратырғанлығы себепли электронлы цифрлы имзадан пайдаланыў ен жаймақта.

Нызамның тийкарғы мақсети электронлы цифрлы имзадан пайдаланыў тараўындағы қатнасықларды тәртипке салыўдан ибарат болып, тараўда мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы жөнелислери белгиленбекте.

Булар – электронлы цифрлы имзадан пайдаланыў ушын ҳуқуқый, экономикалық, шөлкемлестириў, техникалық ҳәм басқа да шәрт-шараятлар жаратыў, электронлы цифрлы имзаны талап ететуғын виртуал хызметлер түрлериниң ашықлығы ҳәм сыпатын тәмийинлеў, мәжбүрий техникалық талаплар, нормалар ҳәм қағыйдаларға бойсыныўы үстинен мәмлекетлик қадағалаўды әмелге асырыў, электронлы цифрлы имзадан пайдаланыў тараўындағы илимий-техникалық изертлеўлерин хошаметлеў, кадрларды таярлаў, қайта таярлаў, олардың тәжирийбесин асырыў ҳәм басқалар.

Мәмлекетлик органлардың қупыя мағлыўматларының мәлимлеме қәўисизлигин тәмийинлеў мақсетинде мәкемелерара электронлы мәлимлеме алмасыўда тек миллий стандартлар тийкарында ислеп шығылған электронлы цифрлы имзадан пайдаланыўга рухсат етилмекте.

Пайдаланыўшыларға мудамы өзи менен мағлыўмат тасыўшы масламаларды (флешка) алып жүриўге қажет қалдырмаслық мақсетинде “бултлы технологияларда” электронлы цифрлы имза гилтлеринен пайдаланыў имканияты жаратылмақта.

Нызамда және бир жаңалық “Исенимли үшинши тәреп хызмети” нәзерде тутылмақта. Бул хызмет мәлимлеме ҳәм электрон ҳүжжетлерин алмасыў пайытында электронлы цифрлы имза қойып атырған шахсқа тийисли екенлигин анықлаў имканын береди.

Талқылаўлардан соң бул мәселе бойынша Сенаттың тийисли қарары қабыл етилди.

Буннан кейин “Пуқаралардың мәмлекетлик пенсия тәмийнаты ҳаққында”ғы Өзбекстан Республикасы Нызамына өзгерислер киргизиў ҳаққында”ғы Нызам көрип шығылды.

Нызам менен 2023-жылдың 1-январынан баслап пенсияны есаплаў ушын мийнет ҳақының максималлық муғдары пенсияны есаплаў базалық муғдарының 10 есесинен 12 есесине асырыў нәзерде тутылған.

Киргизилип атырған өзгериске муўапық 2023-жылдың 1-январь сәнесинен баслап пуқараларға пенсияны есаплаўда инабатқа алынатуғын орташа айлық ис ҳақы пенсияны есаплаў базалық муғдарының 12 есесинен артық болмаған, яғный 3 888 000 сўм муғдарындағы орташа айлық ис  ҳақыдан есапқа алыў белгиленбекте.

Бул нызам менен усыныс етилип атырған тәртиптиң енгизилиўи социаллық әдиллик принциплерин беккемлеў, халықтың өнимли мийнет ислеп, көбирек мийнет ҳақы алыўға қызығыўшылығын асырыўға хызмет қылады.

Мәжилисте сенаторлар бул өзгерислер мәмлекетимиздеги жасқа байланыслы, майыплылық пенсиясын ҳәм жетим балаларға таярланатуғын бағыўшысын жоғалтқанлық пенсияларын алыўшы пуқараларды материаллық ҳәм руўхый қоллап-қуўатлаўға қаратылған социаллық корғаўдың айқын дәлийли екенлигин атап өтти.

Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Сенаттың жалпы мәжилиси күн тәртибине муўапық “Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында”ғы Нызам көрип шығылды

Бул Нызам менен Жынаят кодекси, Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекс ҳәм “Тасыўшының пуқаралық жуўапкершилигин мәжбүрий қамсызландырыў ҳаққында”ғы Нызамға тийисли өзгерислер киргизилмекте.

Сыр емес, кейинги ўақытларда электронлы төлем қураллары ямаса аралықтан хызмет көрсетиў системаларынан пайдаланып, өзгелердиң мүлкин талан-тараж қылыў, көз бояўшылық ҳәм урлық жынаятлары көп жүз бермекте.

Бир ғана мысал, 2022-жылдың 7 айы даўамында банк пластик карталарынан пул қаржыларын көз бояўшылық ҳәм урлық жолы менен талан-тараж қылынған жағдайлар бойынша 1812 жынаят ислери қозғатылған.

Бүгинги күнде усы ҳуқықбузарлық түри Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң таўламашылық, урлық деп аталған  168, 169-статьялары менен классификацияланбақта. Бирақ әйни пайытта бул статьялар менен белгиленген жаза айыпкерлердиң шын кеўилден пушайман болып, бул жолдан қайтыўы, минез-қулқын дүзетиў  жолына кириўи ушын жетерли емеслиги, әпиўайыластырып айтқанда жаза  жеңиллик қылып атырғанлығы мәлим болмақта.

Усыған байланыслы усы Нызам менен бундай түрдеги жынаятлар ушын жаза шаралары аўырластырылмақта. Яғный ендиликте жаңа нызам менен мәлимлеме системаларына нызамсыз кирип ҳәм олардан пайдаланып жүз берген көзбояўшылық жынаяты ушын базалық есаплаў муғдарының 300 есесинен 400 есесине шекем жәриймаға тартылыў жазасы белгиленген. Ҳәзир әмелде бул муғдар 100 ден 300 ге шекем.

Яки әмелдеги нормаға көре бул жынаят ушын 3 жылдан 5 жылға шекем қамақ жазасы белгиленген болса, ендиликте бул мүддет жаңа Нызам менен 5 жылдан 8 жылға шекем етип қатаң белгиленбекте.

Қалаберсе, әмелдеги нызамшылықта халқымызға мас болған миллий ҳәм улыўма инсаныйлық қәдириятлар, муқаддес қадимий орынларға, журтымыз турмысына байланыслы әҳмийетли тарийхий ўақыяларға бағышланған, сондай-ақ атақлы мәмлектлик ҳәм жәмийетлик искерлер, миллий қаҳарманларымыздың естелигин мәңгилестириў мақсетинде орнатылған естеликлерге ҳүрметсизлик пенен қатнасықта болыў сыяқлы ис-ҳәрекетлер ушын жуўапкершилик белгилеўде бослықлар бар.

Усыған байланыслы Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекске Материаллық мәдений мийрас объектлерине ҳүрметсизлик қылыў ямаса оларға шикаст жеткериў ушын жуўапкершиликти нәзерде тутыўшы жаңа норма киргизилмекте.

Сондай-ақ зәлел жеткериў ушын белгиленип атырған муғдарлар яғный,  аз муғдар ҳәм көп болмаған муғдар түсиниклери киритилип, оған көре, аз муғдарда дегенде базалық есаплаў муғдарының 30 есесине шекем, көп муғдарда дегенде базалық есаплаў муғдарының 100 есесине шекемги муғдарда белгилениўи көрсетилген.

Нызамның қабыл қылыныўы, бириншиден физикалық ҳәм юридикалық шахслардың электронлы пул қаржыларын талан-тараж қылыў ҳәм пуқаралардың        исенимине кирип есап бетлериндеги ямаса пластик карталарындағы пул қаржыларын талан-тараж қылыў сыяқлы урлық ҳәм көз бояўшылық жынаятларының алдын алыўға, екиншиден, миллий ҳәм улыўма инсаныйлық қадириятлар, мухаддес қадимий орынлардың  мунасиб сақланыўына, журтымыз турмысына байланыслы әҳмийетли тарийхий ўақыяларға бағышланған, сондай-ақ атақлы мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик искерлер, миллий қаҳарманларымыздың естелигин мәңгилестириў мақсетинде орнатылған естеликлерге ҳүрметсизликке жол қоймаслыққа хызмет қылады.

Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Бул нызам жойбарларынан тысқары жалпы мажилисте Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджетиниң 2022-жыл биринши ярым жыллығы жуўмақлары бойынша орынланыўы ҳаққындағы есабаты, Өзбекстан Республикасы сыртқы ислер министриниң 2022-жыл биринши ярым жыллығындағы жумыслары туўралы мәлимлемеси ҳәм басқа да мәселелер талқыланып, тийисли қарарлар қабыл етилди.

Узақбай Утегенов,

Халық депутатлары Кегейли районлық

Кеңесиниң секретариат баслығы.

 

22.09.2022 15:15:03 163