ЖАСЛАРҒА БЕРИЛГЕН ИМКӘНИЯТ

22.09.2022 10:40:41 396 Баспаға шығарыў

Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң усы жылы 26-август күни Қарақалпақстан Республикасына еткен сапары қарақалпақ халқының турмысында жаңа бет ашты. Сапар етиў ўақтында орынлардағы ушырасыўлар, қызғын сәўбетлесиўлерди ўатанласларымыз үлкен қызығыўшылық ҳәм толқынланыў менен бақлап барды.

Әсиресе, бул сапар қарақалпақ жасларының турмысында умытылмас из қалдырғаны сөзсиз. Сапар етиў даўамында жигит-қызларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўға қаратылған тийкарғы ўазыйпалар белгилеп берилди. Мәселен, тек ғана бос турған мәмлекетлик объектлерде жаслар ҳәм ҳаял-қызларды шет тиллери ҳәм IT тараўына оқытыў курсларының шөлкемлестирилиўи қарақалпақстанлы жаслар ушын үлкен хошамет ҳәм  имканият, десек, әйне ҳақыйқатты айтқан боламыз.

Қарақалпақстанлы жаслар ушын мәмлекетимиздеги жоқары оқыў орынларына өз алдына 6,5 мың қабыллаў квотасының енгизилиўи, билим алыў тилегинде жүрген мыңлаған ул-қызларды белсендиликке шақырады, арзыў-нийетлерине қанат бағышлайды, десек кеўилдеги гәплерди айтқан боламыз.

Мәмлекетимиз басшысының «Бүгин жедел пәт пенен өзгерип атырған турмыс алдымызға жаңадан ўазыйпаларды қоймақта. Биз заман талапларынан келип шығып, келешекте сизлер менен биргеликте Қарақалпақстанда және көплеген үлкен жумысларды әмелге асырамыз. Бул жаңаланыўларды қарақалпақ халқы сезиўи керек. Ески усыллар менен Қарақалпақстанда жумыс ислеп болмайды», деген сөзлери жас ҳәм кекселердиң кейпиятын көтерип, оларды жоқары шеклерге қарай илҳамландырды.

Жаңа Өзбекстан – ғәрезсиз, саламат ҳәм бәркамал жаслар ели. Бәрқулла елдиң тәғдирине жуўапкершилик сезими менен жасайтуғын ул-қызларымыз ҳәр бир тараўда өз билими, белсендилиги, интакерлиги менен жаңа шеклерди ийелеўге уқыплы. Мәмлекетимиз жаратып берип атырған имканиятларды қаладан баслап, ең шетки аймақларда жасап атырған жаслар өзиниң турмысында сезип жасамақта ҳәм олар ҳәмийше халқымыздың жоқары исенимине мүнәсип болады, деп исенемиз.

Алтынай Кушетова

Халық депутатлары Кегейли

районлық Кеңеси депутат.

22.09.2022 10:40:41 397