Өзбекстан Республикасы Президентиниң ПП-213-санлы Пәрманы қабыл етилди

22.09.2022 10:03:23 338 Баспаға шығарыў

Усы жылдың 31-август күни, сессия күн тәртибинде көтерилген мәселелер, берилген тапсырмалар ҳәмде Қарақалпақстан Республикасының экономикалық ҳәм социаллық раўажланыўын жаңа басқышқа алып шығыўды нәзерде тутыўшы – Өзбекстан Республикасы Президентиниң ПП-213-санлы Пәрманы қабыл етилди.

Елимизде ҳәр дайым жаслар сиясаты – мәмлекетлик сиясат дәрежесинде қарап келинбекте.

Әсиресе, оларға сыпатлы тәлим бериў, жасларды жоқары оқыў орынларына қамтып алыў, оларды илимли-билимли етиў, кәсип-өнерге үйретиў, бәнтлигин тәмийинлеў әҳмийетли ўазыйпа сыпатында белгиленген.

Жаңа Пәрманда билимлендириў ҳәм жаслар мәселелери де орын алған.

Атап айтқанда, 2022-2023-оқыў жылында Қарақалпақстан Республикасында улыўма орта, орта-арнаўлы ҳәм профессионал билимлендириў мәкемелерин тамамлаған 500, кейинги жыллары ушын болса ҳәр жылы 1-сентябрге шекем 6 500 жаслар ўәлаятлардағы мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемелерине қосымша қабыллаў параметрлери тийкарында оқыўға қабыл етиледи;

Қарақалпақстан Республикасындағы мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемелерин күшли профессор-оқытыўшылар менен тәмийинлеў мақсетинде мәмлекетимиздиң жетекши жоқары оқыў орынларында экология, аўыл хожалығы, ирригация ҳәм қурылыс бағдарлары бойынша жолға қойылады;

Жуўмақлап айтқанда Президентимиздиң бул пәрманы Қарақалпақстанда жасаўшы халықтың абаданлығын арттырыўдың және бир ҳуқықый тийкары болып хызмет етеди.

 

Махмуд Аймуратов

Халық депутатлары Кегейли

районлық Кеңеси депутаты

 

22.09.2022 10:03:23 339