Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 13-апрельдеги “Бюджет процессинде пуқаралардың белсенди қатнасыўын тәмийинлеў бойынша қосымша ис-илажлар ҳаққында”ғы ПҚ-5072-санлы қарары орынланыўы хаққында

21.09.2022 16:15:59 366 Баспаға шығарыў

Ѳзлеринизге мәлим, Ҳүрметли Президентимиздиң 2021-жыл 13-апрельдеги “Бюджет процессинде пуқаралардың белсенди қатнасыўын тәмийинлеў бойынша қосымша ис-илажлар ҳаққында”ғы ПҚ-5072-санлы қарары тийкарында Өзбекистан Республкасы Финанс министрлиги тəрепинен интернет тармағында “Ашық бюджет” мәлимлеме порталы жолға қойылды.

Өзбекстан Республикасы Президентинин 2021-жыл 13-апрелдеги ПҚ-5072-санлы қарарына тийкар, Кегейли районы пуқараларыныӊ машқалалары бойынша усынысларды қаржыландырыў ушын 2022-жыл 2-мәўсими ушын Кегейли районы жергиликли бюджети есабынан 2 млрд. 170,5 млн.сўм қаржы ажыратылған ҳәмде Кегейли районы бюджетиниӊ қосымша дереклери есабынан 228,9 млн.сўм қаратылып, “Фуқаролар ташаббуси жамғармаси” арнаўлы қазна есап бетинде жәми 3 млрд. 407.9 млн.сўм қаржы ажыратылған, Қаржы министрлиги тәрепинен ашылған “Ашық бюджет” openbudget.nz мәлимлеме порталында 2022-жыл 15-июльдан
3-августқа шекем болған дәўирде районымыз пуқаралары тәрепинен жәми
49 млрд. 73.9 млн.сумлық 138 усыныс келип түсип ҳәм усыныслар исши комиссияныӊ 2022-жыл 23-август күнги №2 санлы протоколына тийкар усыныслар комиссия ағзалары тәрепинен жойбар ҳүжжетлери көрип шығылды ҳәм төмендегилер мәлим болды, 20 усыныслар дәстурге киритилген хамде кайта такрар бир нешше марте берилгенлиги себебли қабылланбаған ҳәм қабылланбаған усыныслар бойынша усыныс берген пуқаралардыӊ жеке кабинетине қабылланбаў себеплери ҳаққында хабарнама жиберилген.

Таӊлап алынған 37 млрд. 498.9 млн. сумлык 118 усыныслар жәмийетшилик ортасында жигирма жети күн даўамында даўыс бериў процессии болып ҳәм даўыс бериў дәўири усы жылдыӊ  24-августдан 17-сентябрьге шекем етип белгиленген еди.

Пуқаралар тәрепинен даўыс бериў процессинде рухсат етилген, 118 усынысқа жәми 7 900 даўыс берилген.

Даўыс бериў жуўмағы бойынша, жамғармада қәлиплестирилген қаржылар шеӊберинде еӊ көп даўыс жыйнаған усыныслар, жеӊимпаз деп таўылады ҳәм усынысларға берилген даўыслар санынан келип шығып жоқарыдан төменге қарай сайлап алынып, 6 усыныс “жеӊимпаз” деп таўылды, усы усыныслардыӊ баҳасы 2 млр. 970.0 млн.сўмды қурады.

Атапа айтқанда:

  1. Актуба АПЖ аймагындагы Досым ата қойымшылығы қасынан өтип турған трассасынан баслап койымшылыққа ҳәм атирапындағы жолға ШПС төсеп бериў узынлыгы 1,0 км.
  2. Жылўан жап МПЖға караслы Шамензар ҳәм Қырыққыз көшелерине электр бағаналары, линиялары ҳәмде түнги жақтыландырыў лампаларын орнатып бериў.
  3. Кегейли районы мәлимлеме китапхана орайына район халқының талапларынан келип шыққан халда жаңа атамалардағы адебиятларды сатып алыў.
  4. Жалпақ жап АПЖ Аралбай бес сары аўылының 67 шаңарағына ишимлик сууын тартып бериў узынлығы 3,6 км.
  5. Актуба АПЖ аймагындағы Хожа аўыл елатындағы улкен трассадан Аршан аўылына шекемги жолга ШПС тосеп бериу узынлығы 4,0 км.
  6. Жалпақ жап АПЖ 36-санлы орта билим бериў мектеби жанынан Бесли айтеке елатына шекемги жолға ШПС тосеп бериу узынлығы 4,5 км.

Жамғармада усы қаржылар ажыратылғаннан соң 437.9 млн.сўм қаржы қалдығы қалады.

 

 

 

21.09.2022 16:15:59 367