Аўыл хожалығына мѳлшерленген жер майданларынан нәтийжели пайдаланыў, аймақларды қәнийгелестириў, резервтеги бос турған жер майданларын аўыл хожалығы кәрханалары яки дийхан хожалықларын шѳлкемлестириў ушын ашық электрон таңлаўға шығарыў бойынша усынылған жойбарларды тастыйықлаў ҳаққында.

21.09.2022 10:06:27 103 Баспаға шығарыў

Аўыл хожалығына мѳлшерленген жер майданларынан нәтийжели пайдаланыў, аймақларды қәнийгелестириў, резервтеги бос турған жер майданларын аўыл хожалығы кәрханалары яки дийхан хожалықларын шѳлкемлестириў ушын ашық электрон таңлаўға шығарыў бойынша усынылып атырған жойбарлар ҳаққындағы мәселени қарап шығып ҳәм “Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ҳаққында”ғы Қарақалпақстан Республикасы нызамының 21-статьясына муўапық Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси

 

Ш Е Ш И М   Е Т Е Д И:

 

  1. Аўыл хожалығына мѳлшерленген жер майданларынан нәтийжели пайдаланыў, аймақларды қәнийгелестириў, резервтеги бос турған жер майданларын аўыл хожалығы кәрханалары яки дийхан хожалықларын шѳлкемлестириў ушын ашық электрон таңлаўға шығарыў бойынша усынылып атырған жойбарлар туўралы Кегейли районы ҳәкимлиги бас қанигеси А.Худияровтың мәлимлемеси мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
  2. Кегейли районы ҳәкимлигиниң аўыл хожалығына мѳлшерленген жер майданларынан нәтийжели пайдаланыў, аймақларды қәнийгелестириў, резервтеги бос турған жер майданларына пахта-ғәллешилик, бағшылық, шарўашылық ҳәм баў-бахша жетистириў бойынша қәнигелестирилген аўыл хожалығы кәрханалары яки дийхан хожалықларын шѳлкемлестириў ушын ашық электрон таңлаўға шығарыў бойынша усынылып атырған жойбарлары 1-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
  3. Тастыйықланған аймақларды қәнийгелестириў жѳнелислери жыл даўамында резервтеги аўыл хожалығына мѳлшерленген жерлер бойынша жойбарлар таярлаў ушын тийкар болатуғынлығы белгилеп қойылсын.
  4. Усы шешимниң орынланыўын қадағалаў Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң аграр, суў хожалығы мәселелери ҳәм экология бойынша турақлы комиссиясына (Б. Қазақбаев)ҳәм район ҳәкиминиң аўыл ҳәм суў хожалығы мәселелери бойынша орынбасарына (П. Өтениязов) жүкленсин.

Кегейли районы ҳәкимлигиниң аўыл хожалығына мѳлшерленген жер

майданларынан нәтийжели пайдаланыў, аймақларды қәнийгелестириў,

резервтеги бос турған жер майданларын аўыл хожалығы кәрханалары

яки дийхан хожалықларын шѳлкемлестириў ушын ашық электрон

таңлаўға шығарыў бойынша усынылған

Ж О Й Б А Р Л А Р Ы

Жойбар Жөнелиси Контур номери Улыўма майдан Егислик майдан
“Ақтуба” АПЖ аймағы
1 1 Сабзоватшылық 2267 11,19  
“Кок-озек” АПЖ аймағы
1 2 Шарўашылық 13106,13104,13102ч 6,06 5,74
2 3 Пахта-ғәллешилик 10867,10866,10868, 10869,10870,10871 40,71 21,99
“Жалпак-жап” АПЖ аймағы
1 4 Пахта-ғәллешилик 11692,11694,11749, 11750,11751,11752, 11739,11745  

42,07

 

25,87

2 5 Бағшылық 11256,11257 6,92 6,54
“Жанабазар” АПЖ аймағы
1 6 Ғәлле-сабзоватшылық 5241,5259,5262,5263, 5258 25,34 19,32
“Жүзим-бағ” АПЖ аймағы
1 7 Шарўашылық 10368ч 30,24  
2 8 Пахта-ғәллешилик 8883, 9166, 9167, 9169, 9175, 9176 94,05 53,68

 

 

 

 

 

21.09.2022 10:06:27 104