Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ 2021-жыл 13-апрельдеги ПҚ–5072-санлы қарарына муўапық район аймағындағы социаллық-экономикалық раўажландырыўға қаратылған жәмийетшилик пикири тийкарында таңлап алынған усынысларды қаржыландырыў ҳаққында

21.09.2022 10:04:50 166 Баспаға шығарыў

Кегейли районлық финанс бөлиминиң Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 13-апрельдеги ПҚ-5072-санлы ҳәмде Өзбекстан Республикасы Олий Мажлис Сенаты Кеӊесиниӊ 2021-жыл 21-апрельдеги
КҚ-213-IV-санлы қарарларына муўапық, аймақларды социаллық–экономикалық раўажландырыўға қаратылған жәмийетшилик пикири тийкарында қәлиплестирилген ҳәм даўыс бериў жуўмағы менен “жеңимпаз” усынысларды таңлап алыў ҳәм оларға қаржы ажыратыў ҳаққындағы мәселени қарап шығып ҳәмде “Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ҳаққында”ғы Қарақалпақстан Республикасы нызамының 21-статьясына муўапық Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси

                                                                  

ШЕШИМ ЕТЕДИ

 

  1. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 13-апрельдеги “Бюджет процессинде пуқаралардың белсенди қатнасыўын тәмийинлеў бойынша қосымша ис-илажлар ҳаққында”ғы ПҚ-5072-санлы ҳәмде Өзбекстан Республикасы Олий Мәжлис Сенаты Кеңесиниң 2021-жыл 21-апрельдеги КҚ-213-IV-санлы қарарлары орынлаў ушын басшылыққа алынсын.
  2. Кегейли районлық финанс бөлими баслығының Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ 2021-жыл 13-апрельдеги ПҚ–5072-санлы қарарына муўапық район аймағындағы социаллық-экономикалық раўажландырыўға қаратылған жәмийетшилик пикири тийкарында таңлап алынған усынысларды қаржыландырыў ҳаққындағы мәлимлемеси мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
  3. Жергиликли бюджет қаржыларын жәмийетшилик пикири тийкарында қәлиплестириў, баҳалаў, таңлап алыў ҳәм орынланыўын мониторинг қылыў бойынша Жумысшы комиссияның район аймағындағы социаллық-экономикалық раўажландырыўға қаратылған жәмийетшилик пикири тийкарында таңлап алынған усынысларды район бюджетиниң “Пуқаралар басламасы жамғармасы” қаржылары есабынан қаржыландырыў бойынша усынысы мақуллансын.
  4. Район аймағындағы социаллық-экономикалық раўажландырыўға қаратылған жәмийетшилик пикири тийкарында таңлап алынған усынысларды район бюджетиниң “Пуқаралар басламасы жамғармасы” қаржылары есабынан қаржыландырыў бойынша мәнзилли дизими 1-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
  5.   Жумысшы комиссияға район бюджетиниң жәмийетшилик пикири тийкарында қәлиплестирилген илажларды қаржыландырыўга жөнелттирилген қаржылардың мақсетли ҳәм нәтийжели пайдаланылыўы ҳәмде қаржылардың ажыратылыўы ушын усыныс етилген барлық ҳүжжетлердиң ҳақыйқатлығына жеке жуўапкер екенлиги белгилеп қойылсын.
  6. Район ҳәкиминиң қурылыс, коммуникациялар, коммунал хожалық, экология ҳәм көклемзарластырыў мәселелери бойынша орынбасары (А.Отемуратов) “жеңимпаз” деп табылған усыныслар тийкарында жүргизилетуғын қурылыс ҳәм оңлаў жумысларының өз мүддетинде сыпатлы орынланыўын қадағалаўға алсын.
  7. Район ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети баслығы (Н. Даўенова) ҳәм районлық “Кегейли турмысы” газетасы (Е.Мухамбетов) жәмийетшилик пикири тийкарында қәлиплестирилген ҳәм “жеңимпаз” деп табылған илажларды қаржыландырыў ҳәмде әмелге асырылыўы тийис болған жумысларға байланыслы мағлыўматларды ғалаба хабар қуралларында ҳәм социаллық тармақларда кеңнен жарытып барылыўын тәмийинлесин.
  8. Усы шешимниң орынланыўын қадағалаў Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң жергиликли бюджет, экономикалық реформаларды әмелге асырыў, инвестициялар ҳәм исбилерменликти раўажландырыў мәселелери бойынша турақлы комиссиясы (С. Қалханов)на жүкленсин.
  9. Кегейли районы бойынша 2022-жыл 2-ярымында жәмийетшилик пикири тийкарында қәлиплестирилген илажларды қаржыландырыў бойынша
    МӘНЗИЛЛИ ДИЗИМИ
    Жеңимпаз усыныс мағлыўматлары Әмелге асырыўдың анықланған муғдары Хакыйкатта ажыратылғаны Қаржыландырыў

    дереги

    Буйыртпашы кәрхана
    усыныс ID номери Қысқаша мазмуны Топланған даўыслар саны
    Пуқаралар басламасында қәлиплеститрилген қаржы 3 407 999 218 х х
    1 0150600119 Актуба АПЖ аймағындағы  Досым ата мазары жанындағы трассадан мазарға шекем ҳәм әтирапындағы жолларды ремонтлаў. 638 220 000 000 220 000 000 Пуқаралар басламасы жамғармасы Районлық абаданластырыў басқармасы
    2 0150600103 Жылўан жап МПЖ аймағындағы Шамензар ҳәм Кырккыз көшелерине электр линиялары ҳәм түнги жақтыландырыў үскенелерин орнатыў. 726 350 000 000 350 000 000 Пуқаралар басламасы жамғармасы Районлық абаданластырыў басқармасы
    3 0150600057 Кегейли районы мәлимлеме-китапхана орайына район халқы талаплары бойынша  жаңа атамадағы китапларды алыў. 1273 300 000 000 300 000 000 Пуқаралар басламасы жамғармасы Кегейли районы мәлимлеме китапхана орайы
    4 0150600030 Аралбай бес сары аймағындағы 67 хожалыққа ишимлик суўын тартып бериў  3.6 км 672 400 000 000 400 000 000 Пуқаралар басламасы жамғармасы Район ҳәкимлиги, мәҳәлле ҳәм нуранийларды қоллап-қуўатлаў бөлими
    5 0150600028 Актуба АПЖ аймағындағы Хожа аўылындағы үлкен трассадан Аршан аўылына шекемги  жолларды ремонтлаў. 4000 метр. 800 800 000 000 800 000 000 Пуқаралар басламасы жамғармасы Районлық абаданластырыў басқармасы
    6 0150600024 36-санлы улыўма орта билим бериў мектеби жанынан Бесли айтеке аўылына шекем жолларды ремонтлаў. 4500 метр. 552 900 000 000 900 000 000 Пуқаралар басламасы жамғармасы Районлық абаданластырыў басқармасы
      бөлистирилген қаржы 4661 2 970 000 000 2 970 000 000 х х
      Пуқаралар басламасы жамғармасы есап бетиндеги калдык қаржы.     437 999 218    
21.09.2022 10:04:50 167