Кегейли районы ҳәкимлиги тәрепинен жаслар машқалаларының ҳал етилиўине көмеклесиў, жас әўладтың талантын ҳәм қәбилетлерин раўажландырыў бойынша қосымша шарт-шараятлар жаратыў бағдарында әмелге асырылған жумыслары туўралы есабаты ҳаққындағы мәселени қарап шығып ҳәмде Қарақалпақстан Республикасының “Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимияты ҳаққында” ғы Нызамның 21-статьясына муўапық, Халық депутатлары Кегейли районлық районлық Кеңеси
ШЕШИМ ЕТЕДИ:
- Кегейли районы ҳәкими Д.Утемуратовтың Кегейли районы ҳәкимлиги тәрепинен жаслар машқалаларының ҳал етилиўине көмеклесиў, жас әўладтың талантын ҳәм қәбилетлерин раўажландырыў бойынша қосымша шарт-шараятлар жаратыў бағдарында әмелге асырылған жумыслары туўралы есабаты мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
- Кегейли районы ҳәкимлигине (Д.Утемуратов, Б.Давлетов):
– “Жаслар балансы” тийкарында “мәҳәллебай” ислесиў, жаслардың бәнтлиги ҳәм исбилерменлик жумысларын баслаўға көмеклесиў, оларды социаллық қоллап-қуўатлаў бойынша әмелге асырылатуғын жумыслар бойынша турақлы қадағалаў алып барыў;
– Мәҳәллелердеги жумыссыз жасларды ҳәмде жоқары ҳәм орта тәлим оқыў орынларын питкериўшилер дизимин қәлиплестириў, анықланған жаслар дизимин тийисли электронлық платформаларына киргизип барыў ҳәм олардың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша айқын илажлар белгилеў;
-жасларға тийисли мәмлекетлик сиясатын әмелге асырыў бойынша қабыл етилип атырған ҳүжжетлердиң, мәмлекетлик бағдарламалардың избе-из орынланыўын тәмийинлеў бойынша айқын ис-иләжлар белгилеў;
– ҳәр айда район ҳәкимлигинде өткерилетуғын мәжилисте жаслар машқалаларының ҳал етилиўине көмеклесиў, жас әўладтың талантын ҳәм қәбилетлерин раўажландырыў бойынша қосымша шарт-шараятлар жаратыў бағдарында әмелге асырылған жумыслары ҳаққындағы мәселе сын көз-қараста талқылап барыў;
– “Жаслар дәптери” дизимине киритилген жаслардың машқалаларын ҳал қылыў, олардың бәнтлигин тәмийинлеў, социаллық қоллап-қуўатлаўға мүтәж шаңарақлардың перзентлерин қоллап-қуўатлаў бойынша изшил жумысларды әмелге асырыў;
– жаслардың бос ўақытларын мазмунлы өткериў мақсетинде спорт тараўына байланыслы жарыслар шөлкемлестириў, китапқумар жаслар таңлаўлары, жас инноватор ҳәм басқа да жарыслар ҳәмде дөгереклер шөлкемлестириў ўазыйпалары таспырылсын.
- Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң турақлы комиссияларына, районлық Кеңес депуталарына жасларға тийисли мәмлекетлик сиясатын әмелге асырыў бойынша қабыл етилип атырған ҳүжжетлердиң, мәмлекетлик бағдарламалардың өз ўақтында орынланыўы үстинен турақлы түрде депутатлық ҳәм жәмийетшилик қадағалаўын алып барсын.
- Усы шешимниң орынланыўын қадағалаў Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң билимлендириў, ден саўлықты сақлаў, мәденият, спорт, социаллық қорғаў, жаслар сиясаты, ҳаял-қызлар ҳәм гендер теңлик мәселелери бойынша турақлы комиссиясына жүкленсин.