Кегейли районы экономика тараўлары, социаллық тараў объектлери ҳәм кѳп квартиралы үй-жай фондын 2022-2023 жыллардың гүз-қыс мәўсимине таярлаўды тәмийинлеў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслардыӊ барысы ҳаққында.

21.09.2022 09:56:09 171 Баспаға шығарыў

Кегейли районы экономика тараўлары, социаллық тараў объектлери ҳәм кѳп квартиралы үй-жай фондын 2022-2023 жыллардың гүз-қыс мәўсимине таярлаўды тәмийинлеў бойынша әмелге асырылып атырған  жумыслардыӊ барысы ҳаққындағы мәселени қарап шығып ҳәм “Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ҳаққында”ғы Қарақалпақстан Республикасы нызамының 21-статьясына муўапық Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси

 

Ш Е Ш И М   Е Т Е Д И:

 

  1. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң 2022-жыл 28-июньдеги экономика тармақлары, социаллық тараў объектлери ҳәм турақ жай фондын 2022/2023-жылларда гүз-қыс мәўсиминде турақлы ислеўге таярлаў бойынша Қарақалпақстан Республикасы аймақлық комиссиясының 01-08/6-07/397-санлы баянламасында белгиленген ўазыйпалар орынлаў ушын басшылыққа алынсын.
  2. Кегейли районы экономика тараўлары, социаллық тараў объектлери ҳәм кѳп квартиралы турақ жай фондын 2022-2023 жыллардың гүз-қыс мәўсимине таярлаўды тәмийинлеў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслардыӊ барысы ҳаққындағы Кегейли районы ҳәкиминиң қурылыс, коммуникациялар, коммунал хожалығы, экология ҳәм көклемзарластырыў мәселелери бойынша орынбасары А.Отемуратовтың мәлимлемеси мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
  3. Кегейли районы ҳәкимлиги, экономика тараўлары, социаллық тараў объектлери ҳәм кѳп квартиралы үй-жай фондын 2022/2023 жыллардың гүз-қыс мәўсимине таярлаўды муўапықластырыў бойынша Кегейли районы аймақлық штабы (А.Отемуратов):

– 2022/2023 жыллардың гүз-қыс мәўсимине таярлық көриў ҳәм шығынсыз өткерилиўин тәмийинлеў бойынша тийисли мекеме, кәрхана, шөлкемлер тәрепинен әмелге асырылып атырған жумыслардың барысы бойынша ҳәр айда тараў басшыларының есабатларын сын көз-қараста талқылап барсын;

– белгиленген параметрлерди орынлаўға жуўапкер болған тийисли тараў басшылары белгиленген ўазыйпаларды өз ўақтында орынламаған ямаса қанаатландырарсыз орынлаған жағдайда оларға қарсы белгиленген тәртипте интизамий шаралар көриў бойынша усыныслар киритип барсын;

–  пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары менен биргеликте табийғий газге жалғанбаған аймақлардағы хожалықларды, “Темир дәптери” дизиминде турған, сондай-ақ жәрдемге мүтәж шаңарақларды көмир, суйылттырылған газ баллонлары менен өз ўақтында тәмийинлеў бойынша зәрүр илажларды әмелге асырсын.

  1. Кегейли районы ҳәкимлиги (М.Ниязов) тийисли тараў басшылары менен биргеликте 2022/2023 жыллардың қыс-бәҳәр мәўсиминде халықтың азық-аўқат өнимлерине болған талабын қаннатландырыў, базарларда баҳалардың турақлылығын тәмийинлеў мақсетинде қоймаханаларда аўылхожалығы өнимлериниң резервин жаратыў бойынша зәрүр илажларды белгилесин.
  2. Коммуналлық хызмет көрсетиў тараўлары басшылары (Ж. Ембергенов,
    С. Нзанов, А. Таўбаев) 2022/2023 жыллардың гүз-қыс мәўсиминде халықты электр энергиясы, тәбийғий газ ҳәм ишимлик суўы менен үзликсиз тәмийинлеў бойынша зәрүр илажларды белгилесин.
  3. Район ҳәкимлиги (Б.Давлетов), районлық Халық билимлендириў бөлими (Қ.Бекимбетов),районлық мектепке шекемги билимлендириў бөлими
    (Г.Ерниязова), районлық медицина бирлеспеси (М.Досбергенов) мектеплерде, мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлеринде, емлеў-профилактикалық мәкемелерде гүз-қыс мәўсимин үлгили өткериўди тәмийинлеў бойынша жеке жуўапкер екенлиги көрсетип өтилсин, белгиленген ўазыйпаларды өз ўақтында орынламаған яки қанаатландырарсыз орынлаған жуўапкер хызметкерлерге қатаң интизамий шара көрилетуғынлығы ескертип өтилсин.
  4. Кегейли районы айрықша жағдайлар бөлими (И.Акимов) аймақтағы көп квартиралы турақ жайлардың 2022/2023 жыллардың гүз-қыс мәўсимине таярлығын үйренип шығыў, бунда:

– турақ жайлар ҳәм кѳп квартиралы үйлердиң ѳртке қарсы қәўипсизлик техникалық нормаларына сәйкеслиги;

– морылар, вентиляция системасының оңлаўдан өткерилгенлиги, тазалаў жумысларының өз ўақтында ҳәм сыпатлы әмелге асырылғанлығына айрықша итибар қаратыў тапсырылсын.

  1. Кегейли районы экономика тараўлары, социаллық тараў объектлери ҳәм кѳп квартиралы үй-жай фондын 2022/2023 жыллардың гүз-қыс мәўсимине таярлаўды муўапықластырыў бойынша аймақлық штабы (А.Отемуратов) экономика тармақларында 2022/2023 жыллардың гүз-қыс мәўсимин шығынсыз өткериў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслардың барысы туўралы улыўмаластырылған мағлыўматты ҳәр айдың 5-сәнесине шекем Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесине усынып барыўға миннетленсин.
  2. Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси депутатлары аймақтағы социаллық тараў объектлеринде (мектеп, балалар бақшалары, емлеў-профилактикалық мәкемелер) гүз-қыс мәўсиминде турақлы ислеўге таярлық жумысларының барысына депутатлық қадағалаў илажларын алып барсын.
  3. Кегейли районы мәлимлеме хызмети (Н.Даўенова), Кегейли турмысы газетасы (Е.Мухамбетов) 2022/2023 жыллардың гүз-қыс мәўсимине таярлық көриў ҳәм шығынсыз өткерилиўин тәмийинлеў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында материаллар ғалаба хабар қуралларында турақлы түрде жарытып барсын.
  4. Усы шешимниң орынланыў барысын қадағалаў Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң санаат, транспорт, қурылыс, коммуналлықтараў ҳәм халыққа хызмет көрсетиў мәселелери бойынша турақлы комиссиясына жүкленсин.

 

21.09.2022 09:56:09 172