- Кегейли районы 4-сектор баслығы С.Даўлетбаевтың аймақты комплекс социаллық-экономикалық раўажландырыў бойынша белгиленген Президент Пәрманлары, Қарарлары ҳәм бағдарламаларының орынланыўын тәмийинлеў ҳәмде жыл жуўмағына шекем әмелге асырылыўы тийис ўазыйпалар бойынша есабаты мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
- Кегейли районын комплекс социаллық-экономикалық раўажландырыў бойынша 4-сектор аймағында 2022 жылда әмелге асырылатуғын ис-илажлар “Жол картасы”нда ҳәмде Президент пәрманлары, Қарарлары ҳәм бағдарламаларда белгиленген ўазыйпалардың белгиленген мүддетлеринде толық орынланыўын тәмийинлеў бойынша зәрүр илажлар белгиленсин.
3 Кегейли районы ҳәкими, 4-сектор баслығы (С.Даўлетбаев), сектор ағзалары ҳәм тийисли тараў басшылары менен биргеликте:
– сектор аймағында социаллық қорғаўға мүтәж шаңарақларды турақлы түрде үйренип барыўды жолға қойыў, социаллық-экономикалық жағдайы қыйынласқан шаңарақларды “Темир дәптери”не дизимге алыў ҳәм оларды социаллық қоллап-қуўатлаў бойынша жумысларды системалы түрде алып барыў;
-аймақты комплекс социаллық-экономикалық раўажландырыў бойынша белгиленген ўазыйпалардың сөзсиз орынланыўын тәмийинлеў ҳәмде 2022-жылда аймақта әмелге асырылыўы белгиленген инвестициялық жойбарлардың өз мүддетлеринде иске түсирилиўин тәмийинлеў арқалы жаңа жумыс орынларын жаратыў, зәрүр жағдайларда бул бойынша республика дәрежесинде шешилетуғын машқалаларды шешиў шараларын көриў;
– жумыссыз пуқараларды, әсиресе ҳаял-қызлар ҳәм жаслардың бәнтлигин тәмийинлеўге ҳәртәреплеме көмеклесиў, бунда исбилерменлик пенен шуғылланыў нийетинде болған жасларды қоллап-қуўатлаўға айрықша итибар қаратыў;
– жеке исбилерменлик ҳәм киши бизнес субъектлерин раўажландырыў, әсиресе түрли хызметлер көрсетиў арқалы өзин-өзи бәнт етиў жөнелислериниң абзаллықлары бойынша үгит-нәсиятлаў жумысларын ен жайдырыў;
– аймақта көп балалы, турақ жайға мүтәж ҳәм жасаў шараятлары төмен болған пуқараларды қоллап-қуўатлаў мақсетинде оларды жаңадан қурылып атырған турақ жайлар менен тәмийинлеў бойынша зәрүр илажлар белгилеў;
– аймақта инфраструктураны раўажландырыў, транспорт қатнаўлары, абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў жумысларындағы ҳәмде табийғий газ, ишимлик суўы ҳам эектр тамийнаты тараўларындағы машқалаларды турақлы түрде үйренип барыў ҳәм олардың шешилиўи бойынша анык мақсетке қаратылған илажларды белгилеўге миннетленсин.
– аймақта социаллық қорғаўдың мәнзиллилиги, тутыныў базарында баҳалардың турақлылығы, социаллық тараў объектлери, ең алды менен денсаўлықты сақлаў, билимлендириў, мектепке шекемги билимлендириў ҳәм басқада мәкемелердиң нәтийжели жумыс ислеўин тәмийинлеў бойынша тәсиршең илажлар белгилесин;
– аймақты жедел экономикалық жақтан раўажландырыў, атап айтқанда, олардың табийғий, экономикалық ҳәм инсан потенциалынан нәтийжели пайдаланыў, қурылысы тамамланбаған объектлерден, пайдаланылмай атырған өндирис объектлери ҳәм жер майданларынан ақылана пайдаланыў, заманагөй базар инфраструктурасын шөлкемлестириў ҳәм хызмет көрсетиў, ишки зиярат туризмин раўажландырыў, исбилерменлик субъектлерине әмелий жәрдем көрсетиў ҳәмде жаңа жумыс орынларын жаратыў бойынша комплекс илажларды әмелге асырсын;
– дийхан хожалықлары, тамарқа ушын ажыратылған жерлерден мақсетли пайдаланыў, бағшылық, шарўашылық, қусшылық, балықшылық, пал ҳәррешилик ҳәм басқада хызмет түрлерин раўажландырыў, фермер хожалықларына көмеклесиў бойынша зәрүр илажларды белгилесин.
– халық арасында, әсиресе ҳаял-қызлар ҳәм жаслар арасында жынаятшылық, ҳуқықбузарлық ҳәм ҳәр қыйлы унамсыз жағдайлардың алдын алыў бойынша ис-илажларды әмелге асырсын;
– Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 31-августтағы “Қарақалпақстан Республикасында исбилерменлик, инновациялық технологиялар ҳәм инфраструктураларды жедел пәтлерде раўажландырыў арқалы халықтың абаданлығын арттырыўдың қосымша ис-илажлары ҳаққында”ғы ПП-213-санлы Пәрманының мазмуны ҳәм әҳмийети ҳаққында халық арасында үгит-нәсият жумысларын алып барыў ҳәм Пәрманда белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеўге қаратылған илажларды белгилесин;
- Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң турақлы комиссияларына, районлық Кеңес депуталарына секторлар тәрепинен аймақларда комплекс социаллық-экономикалық раўажландырыў бойынша белгиленген Президент Пәрманлары, Қарарлары ҳәм бағдарламаларының орынланыўын тәмийинлеў ҳәмде жыл жуўмағына шекем әмелге асырылыўы тийис ўазыйпалардың избе-из ҳәм өз ўақтында орынланыўы үстинен турақлы түрде депутатлық ҳәм жәмийетшилик қадағалаўын алып барсын.
- Кегейли районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети (Н.Даўенова), “Кегейли турмысы” газетасы (Е. Мухамбетов) секторлар тәрепинен белгиленген ўазыйпалардың орынланыўы бойынша алып барылып атырған жумыслардың барысын ғалаба хабар қуралларында ҳәм социаллық тармақларда кең түрде жарытып барылыўын тәмийинлесин.
- Усы шешимниң орынланыў барысын қадағалаў Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң турақлы комиссияларына жүкленсин.