Мәҳәллелердеги ҳәким жәрдемшилериниң жумысларының нәтийжелилиги ҳәм «Ҳаяллар дәптер»ин жүргизиў арқалы ҳаял-қызлар машқалаларын системалы түрде шешиў ҳәм оларды социаллық қоллап-қуўатлаў бойынша ҳәмде жаслар жетекшилери тәрепинен әмелге асырылып атырған жумысларының барысы ҳаққындағы мәселени қарап шығып Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси
Ш Е Ш И М Е Т Е Д И :
- Мәҳәллелердеги ҳәким жәрдемшилериниң жумысларының нәтийжелилиги ҳәм «Ҳаяллар дәптер»ин жүргизиў арқалы ҳаял-қызлар машқалаларын системалы түрде шешиў ҳәм оларды социаллық қоллап-қуўатлаў бойынша ҳәмде жаслар жетекшилери тәрепинен әмелге асырылып атырған жумысларының барысы ҳаққындағы Өзбекстан Республикасы Президентиниң Кегейли районындағы Халық қабыллаўханасы баслығы М.Арзымбетовтың мәлимлемеси мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
- Мәҳәллелердеги айырым ҳәким жәрдемшилериниң ҳәм жаслар жетекшилериниң аймақларда исбилерменликти раўажландырыў, халық бәнтлигин тәмийинлеў, камбағаллықты қысқарттырыў, ҳаял-қызлар машқалаларын системалы түрде шешиў ҳәм оларды социаллық қоллап-қуўатлаў бойынша алып барып атырған жумысларында бир қатар қәте-кемшиликлерге жол қойылып атырғанлығы көрсетип өтилсин.
- Кегейли районы ҳәкимлиги (М. Ниязов), Мәҳеллебай ислеў ҳәм исбилерменликти раўажландырыў орайы (Н.Асқарбаев), Жаслар ислери агентлиги Кегейли районы бөлими (А.Төремуратов), аймақлардағы ҳәким жәрдемшилери ҳәм жаслар жетекшилери тәрепинен орынларда жол қойылып атырған қәте-кемшиликлерди сапластырыў бойынша зәрүр илажларды белгилесин ҳәм нәтийжелери бойынша Халық депутатлар Кегейли районлық Кеңесине мәлимлеме киритсин.
- Аймақлардағы ҳәким жәрдемшилери, жаслар жетекшилери, акционерлик-коммерциялық Агробанк Кегейли филиалы (С.Қалханов), акционерлик-коммерциялық Халқ банки Кегейли филиалы (М.Қулмуратов), Кегейли районы халықтың бәнтилигине көмеклесиў орайы (А.Жумабаев):
– пуқараларға жеңиллетилген кредитлер ҳәм субсидия ажыратыўда жол қойылып атырған кемшиликлерди қысқа мүддетлерде сапластырыўды тәмийинлесин;
– орынларда өткерилип атырған көшпели қабыллаўларда турақлы түрде халықты исбилерменликке тартыў, шаңарақ бизнесин раўажландырыў, субсидиялардан пайдаланыў бойынша үгит-насият жумысларын алып барыў, сондай-ақ бул бағдарда орынларда көргизбели илажлар ҳәм семинарлар шөлкемлестирип, пуқаралардың тәжирийбеси ҳәм саўатханлық дәрежесин асырыў илажларын алып барсын.
- Кегейли районы ҳаял-қызлар бөлими (Г.Хожамбергенова), аймақлардағы ҳаял-қызлар белсендилери менен биргеликте ”Ҳаяллар дәптер”ин жүргизиў арқалы ҳаял-қызлар машқалаларын системалы шешиў ҳәм оларды социаллық қоллап-қуўатлаў тәртиби ҳаққындағы реже талапларына қатаң әмел қылыў, аймақларда жол қойылып атырған кемшиликлерди сапластырыў ҳәм алдағы ўақытлары болдырмаў бойынша айқын илажлар белгилесин.
- Кегейли районы ҳәкимлигине (М.Ниязов, Б.Давлетов), Өзбекстан Жаслар ислери агентлиги Кегейли районы бөлимине (А.Төремуратов) аймақлардағы ҳәким жәрдемшилери ҳәм жаслар жетекшилериниң жумысларын турақлы түрде үйренип барыў, олардың жумысларының нәтийжелилигин асырыў ҳәм орын алып атырған кемшиликлерди өз ўақтында сапластырыў бойынша зәрүр илажлар белгилесин
- Усы шешимниң орынланыў барысын қадағалаў Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң билимлендириў, ден саўлықты сақлаў, мәденият, спорт, социаллық қорғаў, жаслар сиясаты, ҳаял-қызлар ҳәм гендер теңлик мәселелери бойынша турақлы комиссиясы баслығы Б.Искендеровқа жүкленсин.