ХАЛЫҚ ДЕПУТАТЛАРЫ КЕГЕЙЛИ РАЙОНЛЫҚ КЕҢЕСИНИҢ ЕЛИЎ ЖЕТИНШИ СЕССИЯСЫНЫҢ ЕКИНШИ МӘЖИЛИСИ БОЛЫП ӨТТИ.

20.09.2022 15:23:03 208 Баспаға шығарыў

Сессия күн тәртибинде, Кегейли районы 3-сектор баслығы Н.Адилбеков ҳәм 4-сектор баслығы С.Даулетбаевлардың аймақты комплекс социаллық-экономикалық раўажландырыў бойынша белгиленген Президент Пәрманлары, Қарарлары ҳәм бағдарламаларының орынланыўын тәмийинлеў ҳәмде жыл жуўмағына шекем әмелге асырылыўы тийис ўазыйпалар бойынша есабатлары тыңланды.

Буннан соң Кегейли районы ҳәкиминиң орынбасары А.Отемуратовтың Кегейли районы экономика тараўлары, социаллық тараў объектлери ҳәм кѳп квартиралы үй-жай фондын 2022/2023-жыллардың гүз-қыс мәўсимине таярлаўды тәмийинлеў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслардыӊ барысы туўралы есабаты тыңланды.

Сондай-ақ, Кегейли районы ҳәкимлиги тәрепинен жаслар машқалаларының ҳал етилиўине көмеклесиў, жас әўладтың талантын ҳәм қәбилетлерин раўажландырыў бойынша қосымша шарт-шараятлар жаратыў бағдарында әмелге асырылған жумыслары туўралы есабаты ҳаққында;

Кегейли районлық ишки ислер бөлиминиң жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеў нәтийжелери,аймақта жүз берген аўыр ҳәм оғада аўыр түрдеги жынайый жағдайлар туўралы мәлимлемеси ҳаққында;

Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ 2021-жыл 13-апрельдеги ПҚ–5072-санлы қарарына муўапық район аймағындағы социаллық-экономикалық раўажландырыўға қаратылған жәмийетшилик пикири тийкарында таңлап алынған усынысларды қаржыландырыў ҳаққында;

  «Сақаўат ҳәм көмек» жамғармасы қаржылары есабынан жәрдемге мүтәж шаңарақларды социаллық жақтан қоллап-қуўатлаў мақсетинде қаржы ажыратыў ҳаққында;

Аўыл хожалығына мѳлшерленген жер майданларынан нәтийжели пайдаланыў, аймақларды қәнийгелестириў, резервтеги бос турған жер майданларын аўыл хожалығы кәрханалары яки дийхан хожалықларын шѳлкемлестириў ушын ашық электрон таңлаўға шығарыў бойынша усынылған жойбарларды тастыйықлаў ҳаққындағы мәселелер тыңланды.

Сессия күн тәртибинде кɵрип шығылған барлық мәселелер бойынша пикир-усыныслар билдирилип, тийисли шешимлер қабыл етилди.

Усының менен Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң гезектеги 57-сессиясы өз жумысын жуўмақлады.

20.09.2022 15:23:03 209