Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң елиў жетинши сессиясының биринши мәжилиси болып өтти.

19.09.2022 15:38:59 211 Баспаға шығарыў

Сессия күн тәртибинде, Кегейли районы 1-сектор баслығы Д.Утемуратов ҳәм 2-сектор баслығы Қ.Бекмуратовлардың аймақты комплекс социаллық-экономикалық раўажландырыў бойынша белгиленген Президент Пәрманлары, Қарарлары ҳәм бағдарламаларының орынланыўын тәмийинлеў ҳәмде жыл жуўмағына шекем әмелге асырылыўы тийис ўазыйпалар бойынша есабатлары тыңланды.


Кейинги мәселе бойынша, Мәҳәллелердеги ҳәким жәрдемшилериниң жумысларының нәтийжелилиги ҳәм «Ҳаяллар дәптер»ин жүргизиў арқалы  ҳаял-қызлар машқалаларын системалы түрде шешиў ҳәм оларды социаллық қоллап-қуўатлаў бойынша ҳәмде жаслар жетекшилери тәрепинен әмелге асырылып  атырған жумысларының барысы ҳаққында Ѳзбекстан Республикасы Президентиниң Кегейли районындағы Халық қабыллаўханасы баслығы М.Арзымбетовтың мәлимлеме киритти.

Сондай-ақ, Ѳзбекстан Республикасы Президентиниң 2021 жыл 9-декабрьдеги “Жаңа Өзбекстан массивлерин қурыў ҳәм аймақлардың социаллық-экономикалық раўажланыўын тәмийинлеў ис-илажлары ҳаққында”ғы ПФ-32-санлы Пәрманының орынланыўын тәмийинлеў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслардың барысы ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 18-марттағы “Абат аўыл” ҳәм “Абат мәҳәлле” бағдарламаларын әмелге асырыў бойынша қосымша ис-илажлар ҳаққында”ғы ПҚ-172-санлы қарары тийкарында Кегейли районы аймағында әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында Кегейли районы ҳәкиминиң орынбасары А.Отемуратов мағлыўмат берди.


Сессидан орын алған кейинги мәселе, Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.М.Мирзиёевтың 2022-жыл 23-24-февраль күнлери Қарақалпақстан Республикасына сапары даўамында берилген тапсырмалардың орынланыўын тәмийинлеў бойынша 2022 жыл 25-февраль күни өткерилген 16-санлы мәжилис баянламасында белгиленген ўазыйпалардың орынланыў барысы ҳаққында Кегейли районы ҳәкиминиң орынбасары А.Аманбаевтың мәлимлемесы тыңланды.


Сессия күн тәртибинде кɵрип шығылған барлық мәселелер бойынша пикир-усыныслар билдирилип, тийисли шешимлер қабыл етилди.

Усының менен Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң гезектеги 57-сессиясының биринши мәжилиси өз жумысын жуўмақлады.


Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети

19.09.2022 15:38:59 212