Көргизбели семинар өткерилди

17.09.2022 09:21:03 250 Баспаға шығарыў

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 15-октябрдеги “Чеснок ҳәмде тоқсанбасты усылында палыз өнимлерин жетистириў ҳәм экспорт етиўди көбейтиў илажлары ҳаққында”ғы қарарының 5-бәнтине тийкар, чеснок жетистириў ҳәм экспорт етиў көлемин кеңейтиў, кәмбағаллықты қысқартыў ушын ҳәр бир мәҳәлледе палыз өнимлерин жетистириў ҳәм пуқаралардың қыйтақ жерлеринен жылына 2-3 мәрте өним алыўды кеңнен ен жайдырыў мақсетинде бүгин Кегейли районындағы Мәденият мәкан пуқаралар жыйынында Фермер дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери районлық Кеңеси ҳәм Мәҳәллебай ислесиў ҳәм исбилерменликти раўажландырыў орайы менен биргеликте көргизбели әмелий оқыў семинары шөлкемлестирилди.

Семинарда агроном Р.Турдыбаев ҳәм дийқан Ж.Нурманов тәрепинен қыйтақ жерлерге бүгинги күнде егиў мүмкиншилиги бар болған тоқсанбасты усылындағы егинлерден чеснок ҳәм пияз егиў усылы әмелий тәризде егип көрсетилди ҳәм оны тәрбиялаў усыллары бойынша мағлыўматлар берилди.

Кегейли районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети

17.09.2022 09:21:03 251