БЕЛСЕНДИ ҲАЯЛ-ҚЫЗЛАР ҚЫРМАНҒА ҮЛЕС ҚОСПАҚТА

18.09.2022 09:18:37 219 Баспаға шығарыў

Күннен күнге бәлентлеп киятырған районымыздың пахта қырманына районымыздың белсенди ҳаял-қызлары да үлкен үлесин қосып, мәмлекетке пахта тапсырыў бойынша режени артығы менен орынлатыў ушын ат салыспақта.

Ең әҳмийетли болған жыйын-терим илажларында дерлик барлық фермер хожалық ағзалары жетистирилген өнимди тез күнлерде жыйнап алып жоқары сортларға тапсырыўды нийет еткен болып, бүгин, Ийшан қала аўыл пуқаралар жыйынында жайласқан Кегейли-Шымбай Агро кластерге қараслы пахта атызларында түрли тараўларда мийнет етип атырған белсенди ҳаял-қызлар жәмлесип, теримге қатнаспақта.

Оларға район ҳәкимниң орынбасарлары А.Отемуратов ҳәм Г.Хожамбергеновалар ҳармасын айтып, ийгиликли басламаға үлес қосқаны ушын миннетдаршылық билдирди.

Кегейли районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети

18.09.2022 09:18:37 220