Бүгин Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң Санаат, транспорт, қурылыс, коммуналлық хожалығы ҳәм халыққа хызмет көрсетиў мәселелери бойынша турақлы комиссиясының гезектеги мәжилиси болып өтти. Мәжилиске турақлы комиссия ағзалары ҳәм тийисли тараў басшылары қатнасты.
Мәжилис күн тәртибинде Ѳзбекстан Республикасы Президентиниң 2021 жыл 9-декабрьдеги “Жаңа Өзбекстан массивлерин қурыў ҳәм аймақлардың социаллық-экономикалық раўажланыўын тәмийинлеў ис-илажлары ҳаққында”ғы ПФ-32- санлы Пәрманының орынланыўын тәмийинлеў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслардың барысы ҳаққында.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022 жыл 18-марттағы “Абат аўыл” ҳәм “Абат мәҳәлле” Бағдарламаларын әмелге асырыў бойынша қосымша ис-иләжлар ҳаққында”ғы ПҚ-172-санлы қарарының Кегейли районында орынланыўын тәмийинлеў иләжлары ҳаққында.
Кегейли районы экономика тараўлары, социаллық тараў объектлери ҳәм кѳп квартиралы үй-жай фондын 2022-2023 жыллардың гүз-қыс мәўсимине таярлаўды тәмийинлеў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслардыӊ барысы ҳаққындағы мәселелер талқыланды.
Мәжилис күн тәртибиндеги көрилген мәселе бойынша тийисли шешимлер қабыл етилди.