Ѳзлеринизге мәлим, Ҳүрметли Президентимиздиң 2021-жыл 13-апрельдеги “Бюджет процессинде пуқаралардың белсенди қатнасыўын тәмийинлеў бойынша қосымша ис-илажлар ҳаққында”ғы ПҚ-5072-санлы қарары тийкарында Өзбекистан Республкасы Финанс министрлиги тəрепинен интернет тармағында “Ашық бюджет” мәлимлеме порталы жолға қойылды.
Өзбекстан Республикасы Президентинин 2021-жыл 13-апрелдеги ПҚ-5072-санлы қарарына тийкар, Кегейли районы пуқараларыныӊ машқалалары бойынша усынысларды қаржыландырыў ушын 2022-жыл басынан калдык 659,1 млн сум, Республика бюджети есабынан 2 млрд. 170,5 млн.сўм қаржы ажыратылған ҳәмде Кегейли районы бюджетиниӊ қосымша дереклери есабынан 405,8 млн.сўм қаратылып, “Фуқаролар ташаббуси жамғармаси” арнаўлы қазна есап бетинде жәми 3 млрд. 235.5 млн.сўм қаржы ажыратылған, Қаржы министрлиги тәрепинен ашылған “Ашық бюджет” openbudget.nz мәлимлеме порталында 2022-жыл 1-февральдан
22-февральга шекем болған дәўирде районымыз пуқаралары тәрепинен жәми
71 млрд. 651.8 млн.сумлық 427 усыныс келип түсип ҳәм усыныслар исши комиссияныӊ 2022-жыл 4-март күнги №2 санлы протоколына тийкар усыныслар комиссия ағзалары тәрепинен жойбар ҳүжжетлери көрип шығылды ҳәм төмендегилер мәлим болды, 106 усыныслар дәстурге киритилген хамде кайта такрар бир нешше марте берилгенлиги себебли қабылланбаған ҳәм қабылланбаған усыныслар бойынша усыныс берген пуқаралардыӊ жеке кабинетине қабылланбаў себеплери ҳаққында хабарнама жиберилген.
Таӊлап алынған 50 млрд. 838.4 млн. сумлык 321 усыныслар жәмийетшилик ортасында жигирма жети күн даўамында даўыс бериў процессии болып ҳәм даўыс бериў дәўири усы жылдыӊ 5-марттан 1-апрельге шекем етип белгиленген еди.
Пуқаралар тәрепинен даўыс бериў процессинде рухсат етилген, 321 усынысқа жәми 33677 даўыс берилген.
Даўыс бериў жуўмағы бойынша, жамғармада қәлиплестирилген қаржылар шеӊберинде еӊ көп даўыс жыйнаған усыныслар, жеӊимпаз деп таўылады ҳәм усынысларға берилген даўыслар санынан келип шығып жоқарыдан төменге қарай сайлап алынып, 10 усыныс “жеӊимпаз” деп таўылды, усы усыныслардыӊ баҳасы 3 млр. 195.0 млн.сўмды қурады.
Ишки комиссия ағзалар менен үйренип шығылып 2724 дауыс алып женимпаз болған МПЖ Жылўан жап аймағындағы (Х.Бекназаров) ҳәзирги Байтерек көшесине қара асфальт (қара кальма) 0,8 км төсеп бериўин соралған.
Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.М.Мирзиёевтын 2022-жыл 23-24 февраль күнлери Қарақалақстан Республикасына өз сапары даўамында берилген тапсырмалары ҳәмде 2022-жыл 25-февраль күни өткерилген 16-санлы жыйналыс баянламасының 1.4-косымшасына асас Республика бюджетинен қосымша ажратылған қаржылар есабынан ишки жолларда әмелге асырылатуғын оңлаў жумысларының 2022-жыл ушын мәнзилли дизиминде МПЖ Жылуан жап аймағындағы (Х.Бекназаров) ҳәзирги Байтерек көшесине қара асфальт (қара кальма) 1,4 км исленетуғынлығы көрсетилген.
Өзбекстан Республикасы Қаржы Министирлигиниӊ 2021-жыл 6-сентябрь күнги “Қала ҳәм районларда пуқаралар тәрепинен билдирилген усыныслар тийкарында жеӊимпазларды анықлаў бойынша” қолланбасы талапларына тийкар жамғармада қәлиплестирилген қаржылар шеӊберинде еӊ көп даўыс жыйнаған усыныслар, жеӊимпаз деп таўылады ҳәм усынысларға берилген даўыслар санынан келип шығып жоқарыдан төменге қарай сайлап алынатуғынлығы ҳәмде женимпазларды анықлаў дәўиринде ең көп даўыс жайнаған усынысларға жамғарма есап бетинен қаржы ажратыўда, егер усы машқалаларды шешиўде ҳүкимет қарарлары (аймақларға сапар даўамында яки жыйналыс баянламасы) асасында басқа дереклер есабынан усы жылда қаржы ажратыў көзде тутылған болса, бундай жағдайда усы усынысларды қаржыландырыўга жамғарма есабынан қаржы жумсалмайтуғынлығы көрсетилген.
Даўыс бериў жуўмағы бойынша, жамғармада қәлиплестирилген қаржылар шеӊберинде еӊ көп даўыс жыйнаған усыныслар, жеӊимпаз деп таўылады ҳәм усынысларға берилген даўыслар санынан келип шығып жоқарыдан төменге қарай сайлап алынды. МПЖ Жылўан аймағына қараслы (Х.Бекназаров) ҳәзирги Байтерек көшесине қара асфальт (қара кальма) 0,8 км исленетуғынлығы жумыс орнына, кейинги орынларды ийелеген 2 усыныс киргизилди. Жами 11 усыныс “жеӊимпаз” деп таўылды, усы усыныслардыӊ баҳасы 2 млр. 905.0 млн.сўмды қурамақта.
Жамғармада усы қаржылар ажыратылған сап 330.0 млн.сўм қаржы қалдығы қалмақта.
Ж.Ибрагимов
Районлық финанс бөлими баслығы